Jańalıqlar

Депутат мәҳәлледе

Бүгин 1-июнь "Халықаралық балаларды қорғаў күни" мүнәсибети менен Өзбекстан ХДП Шымбай районлық кеңеси басламасы менен "Кеңес" АПЖ аймағында “Қуўаныш ҳәм меҳир үлесейик” акциясы өткерилди.
Илажда Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңесиндеги Өзбекстан ХДП депутатлық топары ағзасы А.Утепбергенова ҳәм Өзбекстан ХДП Шымбай районлық Кеңеси баслығы С.Нурмамбетовлар тәрепинен усы аймақтағы социаллық қорғаўға мүтәж, майыплығы болған шаңарақлар перзентлериниң ҳал жағдайларынан хабар алынып, кийим-кеншек ҳәм азық-аўқат  өнимлери тапсырылды.
Илаж соңында депутат А.Утепбергенова тәрепинен усы аймақтағы орын алған машқалалар үйренилип, шешими бойынша тийисли ўазыйпалар белгилеп алынды.

Slide 1 of 3