35 yilYagona vatan, yagona xalq bo'lib, yangi hayot va kelajak yaratamiz!

Jańalıqlar

Sońǵı jańalıqlar

янв.21
ЁШЛАР МУАММОЛАРИ ВА УЛАРНИ ҲАЛ ЭТИШ ЧОРАЛАРИ МУҲОКАМА ҚИЛИНДИ
янв.21
ЗАМОНАВИЙ ТИББИЙ ЖИҲОЗЛАР — СИФАТЛИ ТИББИЙ ХИЗМАТ КАФОЛАТИ
янв.21
ПИЁДАЛАР ЙЎЛАГИ ҚУРИШ МАСАЛАСИ ЎРГАНИЛДИ
янв.21
БОЛАЛАРНИ ЗАРАРЛИ АХБОРОТДАН ҲИМОЯ ҚИЛИШ МАСАЛАЛАРИ ЎРГАНИЛДИ
янв.21
МАКТАБДАГИ ШАРОИТЛАР ДЕПУТАТ НАЗОРАТИДА
янв.21
ДЕПУТАТ ТАШАББУСИ БИЛАН ЯНГИ ҲОЖАТХОНА ҚУРИБ БЕРИЛДИ
янв.21
КУЗ-ҚИШ МАВСУМИГА ТАЙЁРГАРЛИК ЎРГАНИЛДИ
янв.21
ОИЛА ВА ЖАМИЯТДА АЁЛЛАР ҲУҚУҚЛАРИНИ ҲИМОЯ ҚИЛИШ — ҚОНУН УСТУВОРЛИГИНИНГ МУҲИМ ЙЎНАЛИШИ
янв.21
ФУҚАРОНИНГ УЙ-ЖОЙ МАСАЛАСИДАГИ МУРОЖААТИ ЎРГАНИЛДИ
янв.21
ИЖТИМОИЙ РЕЕСТРДАГИ ОИЛАЛАР ҲОЛАТИ ЎРГАНИЛДИ
Депутат_мәҳәлледе

Халықты узлуксиз ҳәм сапалы электр энергиясы менен тәмийинлеў, аймақлардағы социаллық-экономикалық инфраструктураны бекемлеў мақсетинде Шымбай районында кең көлемли оңлаў ҳәм модернизациялаў жумыслары даўам еттерилмекте.

Бүгин Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңесине 24-"Қ.Аўезов" сайлаў округынан Өзбекстан Халық демократиялык партиясынан сайланған депутат, Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңеси баслығы О.Толыбеков районлық электр тармақлары кәрханасы тәрепинен «Қамыс арық» аўыл пуқаралар жыйыны аймағында алып барылып атырған оңлаў жумысларының барысы менен жақыннан танысты.

♻️ Үйрениўлер даўамында депутат аймақтағы электр тармақлары, трансформатор пунктларының жағдайын ҳәм режелестирилген оңлаў жумысларын көзден өткерди. Аймақ турғынларының электр энергиясына болған талабын қанаатландырыў, үзилислердиң олдын алыў ҳәм тармақлардың гүз-қыс мәўсимине таярлығын тәмийинлеў бойынша әмелге асырылып атырған жумысларға айрықша итибар қаратылды.

✍️ Илаж соңында депутат О.Толыбеков электр тармақлары кәрханасы канигелери менен сәўбетлесип, оңлаў жумысларын сапалы ҳәм белгиленген мүддетлерде жуўмақлаў, пуқаралардан түсип атырған мүрәжатларды өз ўақтында сапластырыў бойынша тийисли усыныс ҳәм тапсырмаларын берип өтти.

Slide 1 of 3