♻️ Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңесиндеги ӨзХДП депуталық топары ағзасы А.Утепбергенова өзи сайланған «Кеңес» АПЖ аймағында болып, «мәҳәлле жетилиги» ағзалары ҳәм аймақ турғынлары менен ушырасты.
✅ Ушырасыўда халықтың социаллық корғаўға мүтәж қатламын қоллап-қуўатлаў, жаслар ҳәм ҳаял-қызлар бәнтлигин тәмийинлеўде «мәҳәлле жетилиги» ағзаларының өз-ара биргеликтеги ҳәрекетин күшейтиў, жеңиллетилген кредитлер ҳәм субсидиялар алыў арқалы өзинин бандлигин тәмийинлеўге қызығыўшылық билдирген пуқараларға әмелий жәрдем көрсетиў мәселелери талқыланды.
✍️ Ушырасыў жуўмағында депутат А.Утепбергенова аймақты социаллық-экономикалық раўажландырыўда «мәҳәлле жетилиги» ҳәм халықтың биргеликтеги ҳәрекети айрықша әҳмийетке ийе экенлиги атап өтип, алдағы ўақытта әмелге асырылыўы тийис ўазыйпалар белгиленип алынды.