Jańalıqlar

Sońǵı jańalıqlar

янв.21
DEPUTAT SO‘ROVI YUBORILDI
янв.21
Xalq deputatlari Marg‘ilon shahar Kengashining Mahalliy budjet, tadbirkorlikni rivojlantirish va iqtisodiy islohotlar masalalari bo‘yicha doimiy komissiyasining navbatdagi yig‘ilishi bo‘lib o‘tdi.
янв.21
Xalq deputatlari Marg‘ilon shahar Kengashi deputati A. Mahkamov tomonidan hududlarda olib borilayotgan o‘rganish ishlari davom ettirildi.
янв.21
Shuningdek, deputat A.Mahkamov mahalla hokim yordamchisi va mahalla fuqarolar yig‘ini raisi hamrohligida mahalla faollari bilan uchrashuv o‘tkazdi.
янв.21
O‘rganish ishlari hududga chiqqan holda davom ettirildi. Deputat A.Mahkamov Ipak yo‘li mahallasi Ipak yo‘li ko‘chasi, 162-uyda istiqomat qiluvchi tadbirkor G.Boltaboyeva faoliyati bilan yaqindan tanishdi.
янв.21
Xalq deputatlari Marg‘ilon shahar Kengashi deputati A.Mahkamov tomonidan O‘zbekiston Respublikasi Prezidentining PQ–406-son qarori hamda O‘zbekiston Respublikasi Oliy Majlisi Senati Kengashining KQ–35-V-son qarorlari ijrosini ta’minlash, shuningdek, mahalliy Kengash deputatlari faoliyatining ustuvor yo‘nalishlari bo‘yicha belgilangan tavsiyalar asosida saylov okrugidagi Ipak yo‘li mahalla fuqarolar yig‘inida o‘rganish ishlari olib borildi.
янв.21
Xalq deputatlari Marg‘ilon shahar Kengashi kotibiyati tomonidan fuqarolar murojaatlarini o‘z vaqtida o‘rganish va ularning yechimini ta’minlash borasida tizimli ishlar olib borilmoqda.
янв.21
DEPUTAT SO‘ROVI YUBORILDI
янв.21
📌 1-iyuldan O‘zbekistonda qator muhim o‘zgarishlar kuchga kiradi.
янв.21
O‘zbekiston Respublikasi Oliy Majlisi Senati Devonining Hududiy vakillik organlari faoliyatini o‘rganish markazi tashabbusi bilan "Xalq deputatlari mahalliy Kengashlari tomonidan aholi murojaatlarini ko‘rib chiqish hamda sessiyalarda davlat organlari va tashkilotlari rahbarlarining murojaatlar bilan ishlash bo‘yicha hisobot (axborot)larini eshitishni samarali tashkil etish" mavzusida onlayn seminar bo‘lib o‘tdi.
Сайлаўшылардың машқалалары унамлы шешим тапты

 Сайлаўшылардың машқалалары
унамлы шешим тапты
 

  

Мен, 1-“Қоразой” сайлаў округынан Халық депутатлары
Қанлыкөл районлық Кеңеси депутаты Абдикаримов Курал Орынбаевич усы жылдың
5 айы даўамында белгиленген график тийкарында
өз сайлаўшыларым алдында әмелге асырған жумысларым бойынша сайлаўшылар менен
ушырасыўлар өткерип есабат берип келмектемен.
 

Ушырасыўлар даўамында елимизде әмелге асырылып атырған
кең көлемли демократиялық реформалар, әсиресе, Мәмлекетимиз басшысы тәрепинен
Қарақалпақстан Республикасын социаллық-экономикалық раўажландырыў, халықтың
абаданлығын арттырыў, инженерлик-коммуникация инфраструктурасын жақсылаў, жаңа
жумыс орынларын жаратыў және социаллық қорғаў системасын беккемлеўге қаратылған
Пәрман ҳәм қарарлардың мазмун-мәниси ҳаққында кеңнен мағлыўмат берилди.
 

Сондай-ақ, Халық депутатлары Қанлыкөл районлық
Кеңесиниң сессияларында қабыл етилген қарарлар, олардың халықтың турмыс
дәрежесин жақсылаў, аймақларды комплексли раўажландырыў ҳәм социаллық
машқалаларды шешиўдеги әҳмийети бойынша түсиндириў жумыслары алып барылды.
 

Ушырасыўда усы жыл ушын қабыл етилген
"Мәҳәллелерди раўажландырыў ҳәм жәмиетти жоқарылатыў жылы"
Мәмлекетлик бағдарламасы шеңберинде белгиленген тийкарғы ўазыйпалар, мәҳәллелер
инфраструктурасын раўажландырыў, халықты социаллық қоллап-қуўатлаў, бәнтликти
тәмийинлеў, исбилерменликти раўажландырыў, билимлендириў, денсаўлықты сақлаў
ҳәм екологиялық турақлылықты тәмийинлеўге қаратылған илажлар ҳаққында да толық
мағлыўмат берилди.
 

Есабат дәўири даўамында сайлаўшылардан жәми 5 мүрәжат
келип түсти. Олардың ҳәр бири үйренилип, тийисли мәмлекетлик ҳәм хожалық
басқарыў уйымлары және жуўапкер шөлкемлер менен биргеликте көрип шығылды.
Нәтийжеде мүрәжатлардың тийкарғы бөлеги унамлы шешилди, қалғанлары бойынша
әмелий илажлар көрилмекте.
 

Соның ишинде, Абдуллаева Набира Айтжан қызы мәселеси
унамлы шешилип, халық ушын әҳмийетли болған машқалаларға шешим табылды. Бул
болса сайлаўшылардың турмыс сапасы ҳәм турмыс шараятын және де жақсылаўға
хызмет етти.
 

Ушырасыўлар даўамында сайлаўшылар мәмлекетимизде
әмелге асырылып атырған реформаларды кеңнен қоллап-қуўатлайтуғынын,
мәмлекетимиз тәрепинен инсан қәдирин улығлаў, халықты социаллық қорғаў ҳәм
аймақларды раўажландырыў бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслар өз
турмысларында айқын сезилип атырғанын айрықша атап өтти.
 

Қуўанышлы тәрепи, сайлаў округым аймағындағы әҳмийетли
машқалалар басқышпа-басқыш шешилмекте. Бул бағдарда халық пенен турақлы
пикирлесиў, олардың пикир-усынысларын есапқа алыў депутатлық жумысымның
тийкарғы бағдарларынан бири болып қалмақта.
 

Соның менен бирге, халық депутатлары Қанлыкөл районлық
Кеңесиниң сессиялары, турақлы комиссиялар мәжилислери ҳәм депутатлық топарының
жумысында турақлы қатнасып, партиямыз электоратының мәплерин қорғаў, халықты
ойландырып атырған социаллық мәселелерди көтериў, қабыл етилип атырған қарарлардың
халық мәплерине хызмет етиўи бойынша өз усыныс ҳәм басламаларымды алға қойып
келмектемен.
 

Келешекте де сайлаўшыларым менен турақлы сөйлесиў,
олардың машқала ҳәм усынысларын терең үйрениў, ҳәр бир мүрәжатқа жуўапкершилик
пенен қатнас жасаў және олардың нызамлы мәплерин қорғаў депутатлық жумысымның
тийкарғы бағдары болып қалады.
 

  

  

 Курал
Абдикаримов,
 

1-“Қоразой” сайлаў округынан Халық депутатлары Қанлыкөл районлық Кеңеси депутаты