♻️ Бүгин Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңеси баслығының «Темир жол гүзары» мәҳәлле пуқаралар жыйыны аймағындағы белсенди нураныйлар менен гезектеги ушырасыўы болып өтти.
✅ Ушырасыўда Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2026-жыл 16-июль күнги кеңейтирилген видеоселектор мәжилисинде белгилеп берилген әҳмийетли тапсырмалардың мазмун-мәниси кеңнен түсиндирилди. Атап айтқанда, Ўатанымыз ғәрезсизлигиниң 35 жыллық байрамы алдынан мәмлекетимиз бойлап «Мәҳәлледе абаданлық ҳәм мийрим-шәпәәт айлығы»н жоқары көтеринки кейпиятта өткериў мәселесине айрықша итибар қаратылды. Сондай-ақ, аймақтағы ҳәр бир көшеде абаданластырыў, тазалық ҳәм дөретиўшилик жумысларын жеделлестириў, бул қайырлы ислерге кең жәмийетшиликти, соның ишинде, нураныйлардың бай өмирлик тәжирийбесинен пайдаланыў кереклиги атап өтилди.
✍️ Нураныйлар өз гезегинде мәҳәллениң раўажланыўы ҳәм жас әўладты үлгили ислерге бағдарлаўда өзлериниң мүнәсип үлесин қосатуғынлығын билдирди.