Yangiliklar

УШЫРАСЫЎЛАР ДАЎАМ ЕТПЕКТЕ

Хабарыңыз бар белгиленген реже тийкарында Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңеси депутатлары райондағы бир қатар мəкеме, кархана ҳəмде шөлкемлер менен биргеликте аймақларда ушырасыўлар өткерилип келинбекте.

Бүгин районның алыс аймақларының бири “Көк өзек” АПЖ дағы 37-санлы мектепте аймақ турғынлары ушын Өзбекстан “Миллий тиканиш” ДП нан Халық депутатлары районлық Кеңесине сайланған депутат Д.Жолдасованың ушырасыўы шөлкемлестирилди.

Ушырасыўға Халық депутатлары районлық Кеңес Секретариаты баслығы Б.Искендеров, пуқаралар жыйыны ўәкиллери ҳəмде ғалаба хабар қураллары ўакиллери қатнасты. 

Онда аймақ турғынлары аймақтағы бир қатар машқалалары мəселелер бойынша мүрəжатлерин билдирип өтти ҳəмде келип түскен мүрəжатлар үйренилип, орынланыўы қадағалаўға алынды.

Slide 1 of 2