Халық депутатлары Қараөзек районлық Кеӊеси 7-Шайханакөпир сайлаў округинен депутат Р.Қармысова тәрепинен сайлаў округи аймағындағы жаслар менен ушырасыўы болып өтти. Ушырасыўда депутат тәрепинен мәмлекетимизде жасларға қаратылған итибар, жаратылып атырылған имканиятлар, сондай-ақ, жаңадан қабыл етилген нызам ҳәм қарарлар, мәмлекетлик бағдарламалардың әҳмийети, мазмун-мәниси ҳаққында мағлыўмат берип өтти. Буннан соӊ депутат тәрепинен жаслардыӊ пикир ҳәм усыныслары тынланды.