Yangiliklar

So‘ngi yangiliklar

янв.21
Xalıq deputatları Qaraózek rayonlıq Keńesiniń gezektegi on altınshı sessiyası bolıp ótti.
янв.21
«Eń úlgili kóshe biyi» tańlawınıń jeńimpazları sıylıqlandı
янв.21
Ózbekstan Respublikası Prezidenti Shavkat Mirziyoyevtiń Oliy Majlis hám Ózbekstan xalqına jollaǵan Múrájatı hámde «Ózbekstan-2030» strategiyasında belgilep berilgen tiykarǵı wazıypalardıń mazmun-mánisin keńnen úgit-násiyatlaw maqsetinde Qaraózek awıl puqaralar jıyını aymaǵındaǵı 25-sanlı mektepte úgit-násiyatlaw ilajı ótkerildi.
янв.21
Deputatlar hám miymanlar jıynalǵanlarǵa Ózbekstan Respublikası Prezidenti Sh.Mirziyoyevtıń Oliy Majliske hám Ózbekstan xalqına jollaǵan múrájatı hámde jańalanıp atırǵan «Ózbekstan – 2030» strategiyası joybarı, sonday-aq, jańa nızam hám húkimetlik qararlar, mámleketlik baǵdarlamalardı hámde jergilikli Keńeske saylanǵan deputatlar iskerligin tanıstırıp, pikir, usınıslar tıńlandı.
янв.21
Qaraózek rayonı Akademik Sabır Kamalov awıl puqaralar jıyını aymaǵındaǵı 5-sanlı mektepte Xalıq deputatları Qaraózek rayonlıq Keńesine 12-Qarakól okruginen deputat A.Kelimbetova hám 13-Qara aǵash okruginen deputat M.Gulimbetovlardıń saylawshılar menen ushırasıwı ótkerildi.
янв.21
Ózbekstan Respublikası Prezidenti Sh.Mirziyoyevtıń Oliy Majliske hám Ózbekstan xalqına jollaǵan múrájatı hámde jańalanıp atırǵan «Ózbekstan – 2030» strategiyası joybarın keń jámiyetshilik arasında úgit-násiyatlaw ilajları Qaraózek rayonında dawam etpekte.
янв.21
Prezident Múrájatınıń mazmun-mánisi Qaraózek rayonında keńnen úgit-násiyatlanbaqta
янв.21
Ózbekstan Respublikası Prezidenti Shavkat Mirziyoyevtiń Oliy Majlis hám Ózbekstan xalqına jollaǵan Múrájatı hámde “Ózbekstan-2030” strategiyasında belgilep berilgen tiykarǵı wazıypalardıń mazmun-mánisin keńnen úgit-násiyatlaw, sonday-aq, strategiyalıq maqsetler boyınsha deputatlar hám xalıqtıń pikir, usınısların tıńlaw maqsetinde Qaraózek rayonı jaslar orayında úgit-násiyat ilajı ótkerildi.
янв.21
Xalıq deputatları Qaraózek rayonlıq Keńesi 11-Qarabuǵa okruginen deputat Salamat Xalmuratov «Insan» social xızmet kórsetiw orayı rayonlıq bólimi wákilleri menen birgelikte A.Dosnazarov awıl puqaralar jıyını aymaǵında jasawshı puqaralar menen ushırasıw ótkerdi.
янв.21
Xalıq deputatları Qaraózek rayonlıq Keńesi 10-A.Dosnazarov okruginen deputatı Saylawbay Íqlasov basshılıǵında 14-sanlı ulıwma orta bilim beriw mektepte ushırasıw bolıp ótti.
Мүнәсибет

Өзбекстанда жаслардың бәнтлигин тәмийинлеў, олардың билимлендириў ҳәм социаллық белсендилигин қоллап-қуўатлаўға қаратылған мәмлекетлик сиясатта және бир әҳмийетли қәдем қойылды. Президентимиздиң усы жыл 20-ноябрьде “Жаслар дәптери” қорлары арқалы социаллық жәрдем көрсетиў системасын буннан былай да жетилистириў ҳаққында”ғы
пәрманы қабыл етилген еди, бул ҳүжжет жаслар менен ислесиў тараўындағы қолланбаларды жаңа басқышқа алып шығыўға қаратылған болып, бағдарламаларды нәтийжели, мәнзилли ҳәм нәтийжеге бағдарланған ҳалда әмелге асырыўды нәзерде тутылған.
Пәрманда бир қатар стратегиялық мақсетлер белгиленип, соның ишинде, бәнтликти тәмийинлеў “Жаслар
дәптери”не киргизилген 16 мың жастың турақлы дәрамат дерегине ийе болыўына жәрдемлесиў мақсет етип қойылған. Бул арқалы жаслардың мийнет базарындағы қатнасын күшейтиў, өзин-өзи бәнт етиў имканиятларын кеңейтиў нәзерде тутған.

“Оқыў” жойбары шеңберинде жаслар арасында илимий-ғалабалық ҳәм көркем әдебият оқыў менен шуғылланыўшылардың үлесин 10 процентке арттырыў режелестирилген. Бул ўазыйпа жасларда пикирлеў мәдениятын, сөйлеўди ҳәм билим шеңберин күшейтиўге хызмет етеди. “Ибрат перзентлери” жойбары арқалы шет тиллерди өзлестирген жаслардың үлесин 30 процентке арттырыў нәзерде тутылған. Заманагөй мийнет базарында тил билиў бәсекиге шыдамлылықтың тийкарғы факторларынан бири болып атырғаны инабатқа алынған.

2026-жыл 1-февральдан баслап, социаллық жәрдем түрлери Кәмбағал шаңарақлар реестриндеги шаңарақларда тәрбияланып атырған жасларға социаллық шәртнама тийкарында бериледи. Яғный, жаслар мәмлекетлик жәрдемди алыў ушын төмендеги талапларды орынлаўы зәрүр, билимлендириўди үзликсиз даўам еттириў, оқыўда унамлы нәтийжелерге ерисиў,
волонтёрлық жумысында қатнасыў, “Бес баслама олимпиадасы” жойбарларында қатнасыў зәрүрлиги атап өтилген.

Бул қатнас жасларды тек ғана социаллық жәрдем алыўшы емес, ал белсенди ҳәм жуўапкер қатнасыўшы сыпатында тәрбиялаўды мақсет етеди. Социаллық шәртнама талаплары орынланбаған жағдайда, мәмлекетлик жәрдем тәртипли түрде шекленеди. Бәринен бурын, 15 күнлик ескертиў бериледи. Талаплар орынланбаса, жәрдем муғдары 15-30 процентке шекем азайтылады. Айырым жағдайларда жәрдем 1 айдан 6 айға шекем ўақтынша тоқтатылады. Пүткиллей орынланбаған жағдайда, жәрдем 1 жыл ҳәм оннан артық мүддетке
тоқтатылыўы мүмкин. Бул механизм жасларды жуўапкершиликли, системалы ҳәм тәртипли болыўға шақыратуғынлығы атап өтилген ҳәм бул жаслар арасында ҳәр қыйлы унамсыз иллетлердиң, ҳуқықбузарлық, жынаятшылықлардың алдын алыўда да өз нәтийжесин береди.

Социаллық шәртнама талапларын кеминде 6 ай даўамында жоқары дәрежеде орынлаған жаслар бир қатар жеңилликлерге ийе болады. Нәўбеттен тысқары социаллық жәрдем алыў ҳуқықы, ҳәр жылы ең белсенди 1 000 жасқа БЕМниң 3 есеси муғдарында ақшалай сыйлық, интакер ҳәм белсенди жаслар арнаўлы сыйлықларға усыныс етиледи. Бул хошаметлеўлер
арқалы мәмлекет жаслар арасында саламат бәсеки ҳәм белсендилик орталығын қәлиплестириўди мақсет етеди.

Бир сөз бенен айтқанда, Президенттиң бул пәрманы жаслардың социаллық белсендилигин ҳәм мийнет базарына таярлығын арттырыўға қаратылған. Социаллық жәрдемниң шәртнама тийкарында берилиўи болса системаның нәтийжелилигин күшейтеди, жаслардың белсенди, жуўапкершиликли ҳәм интакер инсанлар болып жетилисиўине хызмет етеди ҳәм бул
жаслар арасында ҳәр қыйлы унамсыз иллетлердиң, ҳуқықбузарлық, жынаятшылықлардың алдын алыўда да өз нәтийжесин береди.
Бул өзгерислер мәмлекетте жаслар сиясаты және де тийкарғы бағдар сыпатында әмелге асырылып атырғанын, мәмлекет тәрепинен жас әўладтың келешегине үлкен итибар қаратылып атырғанын және бир мәрте көрсетпекте буннан жасларымыз өзлериниң келешек жолларын дурыс таңлаўға ҳәмде олардың мәмлекетимиз ушын хызмет ететуғынлығына исенимимиз кәмил