Yangiliklar

So‘ngi yangiliklar

янв.21
Қанлыкөл ХДП: Рейтинг көрсеткишин жақсылаў бойынша ўазыйпалар белгилеп алынды
янв.21
Úgit-násiyat jumısları dawam etpekte
янв.21
Xalıq mápi ushın
янв.21
TURAQLÍ KOMISSIYA MÁJILISI BOLÍP ÓTTI
янв.21
#DEPUTATLIQ_TOPAR_MÁJILISI
янв.21
Ideologiyalıq immunitetti qáliplestiriw - abadan turmıs tiykarı
янв.21
DEPUTAT SAYLAWShÍLARÍ MENEN UShÍRASTÍ
янв.21
Xalıq deputatları rayonlıq, Keńesi deputatları, sekretariat baslıǵı, siyasiy partiya baslıqları ushın oqıw-seminarı
янв.21
Xalıq deputatları Qanlıkól rayonlıq Keńesiniń 81-sessiyas2
янв.21
Xalıq deputatları Qanlıkól rayonlıq Keńesiniń 81-sessiyası
Қанлыкөл ХДП: Рейтинг көрсеткишин жақсылаў бойынша ўазыйпалар белгилеп алынды

Қанлыкөл ХДП: Рейтинг көрсеткишин жақсылаў бойынша ўазыйпалар белгилеп алынды

🔹 Өзбекстан ХДП Қанлыкөл районлық кеңеси ҳәм Халық депутатлары Қанлыкөл районлық Кеңесиндеги ӨзХДП депутатлық топарының қоспа мәжилиси болып өтти.

📌 Онда Өзбекстан ХДП Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси баслығының орынбасары М.Есенгелдиев, партияның Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси бөлим баслығы Р.Алламбергенов, Қанлыкөл районлық партия кеңесиниң баслығы Х.Отамбетова ҳәм Халық депутатлары Қанлыкөл районлық Кеңесиндеги ӨзХДП депутатлық топарының ағзалары қатнасты.

♻️ Мәжилис күн тәртибинде Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2023-жыл 15-августтағы "Көп квартиралы жайларды басқарыўды еледе нәтийжели шөлкемлестириў илажлары ҳаққында"ғы ПҚ-278-санлы қарарының Қанлыкөл районында орынланыўына бағышланған мәселе додаланды.

✅ Мәжилисте Қанлыкөл районында көп квартиралы турақ жайларды басқарыў системасы, басқарыў уйымлары менен мүлк ийелери арасындағы бирге ислесиў, халыққа сапалы хызмет көрсетилиўи бойынша алып барылып атырған жумысларды үйренип шығыў ҳәм усы мәселени Халық депутатлары Қанлыкөл районлық Кеңесиниң гезектеги сессиясына киргизиў бойынша қарар қабыл етилди. 

✅ Сондай-ақ, партия шөлкемлери ҳәм депутатлар жумысының 2024-жыл рейтинг жуўмақлары бойынша район көрсеткишин жақсылаў мәселелерин додалаўда депутатлар аймақтағы орын алған машқалаларды үйрениў ҳәм унамлы шешиўде депутатлық сораў институтынан нәтийжели пайдаланыў және үгит-нәсият жумысларын алып барыў ҳәм ҒХҚда шығыўларды шөлкемлестириўди және де жақсылаў бойынша ўазыйпалар белгилеп алынды.

Slide 1 of 5