Yangiliklar

So‘ngi yangiliklar

Ушырасыу

Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты Кеңесиниң 2024-жыл 4 апрельдеги “Мәҳәллелердеги машқалаларды шешиўде Халық депутатлары жергиликли Кеңеслери депутатлары ҳәм сенаторлардың Мәҳәлле жетилиги”ниң өз ара бирге ислесиўин жолға қойыў мақсетинде қабыл етилген КҚ-706-IV-сан қарарына тийкар Халық депутатлары Хожели районлық Кеңеси депутаты А.Жиемураов өзи депутат болып сайланған Сарышүнгил АПЖ жетилиги ҳәм аймақ белсендилери менен ушырасыў өткерди. 

Ушырасыўда депутат мәҳәлле аймағында қарарда белгилеп берилген ўазыйпалардың орынланыўын тәмийнлеў, аймақтағы машқалалардың шешимин биргеликте табыў ҳәм тийисли тәртипте жоқары турыўшы уйымларға мүрәжат етиў бойынша келисип алынды. 

Сондай-ақ, депутат мәҳәлле жетилиги менен биргеликте бүгинги күнде мәмлекетимизде алып барылып атырған энергетика тараўындағы өзгерислер, энергия ресурсларынан ақылға уғрас пайдаланыўды тәмийнлеў ҳәм оларды тежеў бойынша пуқараларға үгит нәсият жумысларын алып барыў зәрүрлигин атап өтти. 

Slide 1 of 1