Yangiliklar

So‘ngi yangiliklar

янв.21
Sessiya májilisinde
янв.21
Sessiya májilisinde
янв.21
Sessiya májilisinde
янв.21
Sessiya májilisinde
янв.21
Xalıq deputatları Qanlıkól rayonlıq Keńesiniń 22-sessiyası bolıp ótti.
янв.21
TURAQLÍ KOMISSIYa MÁJILISI
янв.21
Rayonda jaslardı qollap-quwatlaw baǵdarındaǵı jumıslar dawam etpekte.
янв.21
Jaslardıń sport penen shuǵıllanıwı ushın jaratılǵan sharayatlar úyrenildi
янв.21
Kitap oqıw mádeniyatın rawajlandırıw boyınsha ámeliy jumıslar úyrenildi.
янв.21
Xalıq deputatları Qanlıkól rayonlıq Keńesi baslıǵı D.Ametov ÓzLiDeP deputatlıq toparınıń jumısları hám deputatlardıń saylaw aldı dástúri tiykarında ámelge asırılıp atırǵan jumıslar menen tanıstı.
ХАЛЫҚ ДЕПУТАТЛАРЫ КЕГЕЙЛИ РАЙОНЛЫҚ КЕҢЕСИНДЕ ЖАСЛАР ПАРЛАМЕНТИ ЎӘКИЛЛЕРИ МЕКТЕБИ АҒЗАЛАРЫНЫҢ МӘЖИЛИСИ БОЛЫП ӨТТИ.

Бүгин Кегейли районы ҳәкимлиги мәжилислер залында жаслар парламенти ўәкиллери мектеби ағзаларының мәжилиси болып өтти.

Мәжилиске Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңеси депутатлары, жаслар парламенти ўәкиллери мектеби ағзалары ҳәмде ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасты.

Мәжилисте Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының 2021-жыл
12-октябрь күнги “Жасларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, олардың Сенат ҳәм Халық депутатлары жергиликли Кеңеслери менен бирге ислесиўди жолға қойыў ҳәмде жаңа әўлад захира кадрларды қәлиплестирип барыў ҳаққында”ғы КҚ-272-IV-санлы қарары менен аймақларда Жаслар парламенти ўәкиллериниң мектеби искерлигин жүргизип барыў бойынша берилген тапсырмаларды орынлаў мақсетинде дүзилген Жаслар парламенти ўәкиллер мектебиниң тийкарғы мақсети ҳәм ўазыйпалары, аймақларда жаслардың жәмийетлик ҳәм мәмлекет ислерин басқарыўдағы орны ҳәм тәсирин әмелде тәмийинлеў, олардың ҳуқықый санасы ҳәм саўатханлығын арттырыў, жәмийетте жасларды сиясий белсенди қатламға айландырыў ҳәм де олардың сиясий-ҳуқықый билим ҳәм көнликпелерин байытыў, реже бойынша ҳәм реже дөретиўшилиги процессине жасларды тартыў ҳәм олардың Халық депутутлары жергиликли Кеңеслери, сондай-ақ, парламент турмысына байланысын арттырыўдан ибәрат екенлиги атап өтилди.

Буннан соң ўәкиллер мектеби баслығын жасырын даўыс бериў жолы менен сайлап алыў бойынша мәселе көрилди.

Бунда Ҳабибуллаев Ажинияз Шамурат улы ўәкиллер мектеби ағзаларының жасырын даўыс бериў жолы менен сайланды.

Мәжилис соңында жаслар тәрепинен усыныс ҳәм пикирлер тыңланып, өз ара пикир алмасты.

Кегейли районы ҳакимлиги 

Slide 1 of 9