Yangiliklar

So‘ngi yangiliklar

Депутат ҳәм Жаслар

 Халық депутатлары Қараөзек районлық Кеӊеси 12-Қарабуға
сайлаў округи депутаты С.Халмуратов жаслар менен ушырасты. Ушырасыўға 2-сектор
баслығы Б.Аберкулов, аймақ жаслар жетекшиси М.Турдыбаев ҳәм жаслар қатнасты.
Ушырасыўда шығып сөйлеўшилер тәрепинен жаслар арасында елимизде әмелге асырылып
атырылған кеӊ көлемли реформалардыӊ барысы, соныӊ ишинде Қарақалпақстанды
социаллық-экономикалық жақтан еледе раўажландырыў бойынша қабыл етилип атырған
Пәрман ҳәм қаралардыӊ мазмуны ҳәм әҳмийети ҳаққында кеӊнен түсиндирилди.
Сондай-ақ, жаслардыӊ қызықтырған сораўларына жуўап берилди.  

Slide 1 of 1