Бозатаў районы "Кусханатаў" АПЖ аймағындағы 5-санлы мектепте ӨзХДП Бозатаў районлық Кеңеси депутатлық топар ағзалары тәрепинен мектеп оқыўшылары менен ушырасыў өткерилди. Ушырасыўда Өзбекстан Республикасы Президентиниң жаслардың тәлим-тарбиясы, оларға жаратылып атырған шәраятлар, имканиятлар бойынша Пәрман, қарарларының мазмун-мәниси бойынша түсиниклер берилди. Жасларымызға берилген имканиятлар үнемли пайдаланыўы керекли бойынша үгит-нәсият жумыслары алып барылды.