Yangiliklar

Депутат мәҳәлледе жойбары

Шымбай районы «Кеңес» АПЖ аймағында "Өзбекстан-2030" стратегиясында белгиленген тийкарғы ўазыйпалардың мазмун-мәнисин кеңнен үгит-нәсиятлаўға бағышланған үгит-нәсият илажы шөлкемлестирилди. 

Илажда Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңеси депутаты, партия топары ағзасы А.Утепбергенова шығып сөйлеп, "Өзбекстан-2030" стратегиясында белгилеп берилген тийкарғы ўазыйпалар, соның ишинде, мәмлекетимиз басшысы тәрепинен алға қойылған әҳмиетли басламалар, жәмиетлик турмыстың барлық тараўларын қамтып алған реформалар, инсан қәдирин улығлаў, социаллық әдилликти тәмийинлеў, жаслар ҳәм ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў, билимлендириў ҳәм мәденият тараўларын раўажландырыўға қаратылған тийкарғы бағдарлар бойынша толық мағлыўматлар берилди.

Сондай-ақ, илаж қатнасыўшыларын https://uzbekistan2030.uz платформасы арқалы өзлериниң пикир ҳәм усыныслары менен белсене қатнасыўға шақырды.

Slide 1 of 7