Yangiliklar

So‘ngi yangiliklar

янв.21
ZAФAR MFYDA O‘RGANISH ISHLARI OLIB BORILDI
янв.21
DOIMIY KOMISSIYA YIG‘ILISHI O‘TKAZILDI
янв.21
DAVLAT XIZMATLARI KO‘RSATILISHI HOLATI O‘RGANILDI
янв.21
KO‘P QAVATLI UYLAR TUTASH HUDUDLARINI OBODONLASHTIRISH BO‘YICHA AMALIY ISHLAR OLIB BORILMOQDA
янв.21
XOTIN-QIZLAR BANDLIGINI TA’MINLASH — USTUVOR VAZIFA
янв.21
Aholiga suyultirilgan gaz ballonlarini yetkazib berish holati o‘rganildi
янв.21
Qishliq mahallasida aholi bilan ochiq muloqot o‘tkazilib, mavjud muammolar o‘rganildi
янв.21
Qamashi tumani Kengashining navbatdagi sessiyasi bo‘lib o‘tdi
янв.21
DEPUTATLIK NAZORATI DOIRASIDA ICHIMLIK SUVI TA’MINOTI HOLATI O‘RGANILDI
янв.21
Yoshlar bilan ochiq muloqot o‘tkazildi
Шымбайда ҳаял-қызлардың ҳуқықый саўатлылығын арттырыўға қаратылған ушырасыў болып өтти

Шымбайда ҳаял-қызлардың ҳуқықый саўатлылығын арттырыўға қаратылған ушырасыў болып өтти

Шымбай районы "Қаракөл" МПЖ аймағында жайласқан 19-санлы мектепке шекемги билимлендириў шөлкеминде ҳаял-қызлардың ҳуқықый саўатлылығын арттырыў және олардың жәмийеттеги орнын беккемлеўге қаратылған илаж шөлкемлестирилди.

Илажда Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңесиниң депутаты Г.Ешонова ҳәм районлық Кеңес секретариаты бас қәнигеси Н.Бердимуратовлар қатнасты.

Ушырасыў даўамында ҳаял-қызларға жаратылып атырған жеңилликлер, олардың ҳуқықлары менен мәплерин қорғаўға қаратылған нызамшылық жаңалықлары ҳаққында толық мағлыўмат берилди. Атап айтқанда, ҳаял-қызлардың мийнет ҳуқықлары, социаллық қорғаў ҳәм шаңарақлық исбилерменликти раўажландырыў бойынша берилип атырған имканиятлар айрықша атап өтилди.

Ашық ҳәм қызғын руўхта өткен илаж жуўмағында қатнасыўшылар өзлерин қызықтырған сораўларға жуўапкерлер тәрепинен ҳәр тәреплеме жуўаплар алды.

Slide 1 of 3