Yangiliklar

So‘ngi yangiliklar

янв.21
Guliston mahallasida xotin-qizlar bilan ishlash samaradorligi o‘rganildi
янв.21
Uzun mahallasida aholini ijtimoiy qo‘llab-quvvatlash borasidagi ishlar o‘rganildi
янв.21
ZAФAR MFYDA O‘RGANISH ISHLARI OLIB BORILDI
янв.21
DOIMIY KOMISSIYA YIG‘ILISHI O‘TKAZILDI
янв.21
DAVLAT XIZMATLARI KO‘RSATILISHI HOLATI O‘RGANILDI
янв.21
KO‘P QAVATLI UYLAR TUTASH HUDUDLARINI OBODONLASHTIRISH BO‘YICHA AMALIY ISHLAR OLIB BORILMOQDA
янв.21
XOTIN-QIZLAR BANDLIGINI TA’MINLASH — USTUVOR VAZIFA
янв.21
Aholiga suyultirilgan gaz ballonlarini yetkazib berish holati o‘rganildi
янв.21
Qishliq mahallasida aholi bilan ochiq muloqot o‘tkazilib, mavjud muammolar o‘rganildi
янв.21
Qamashi tumani Kengashining navbatdagi sessiyasi bo‘lib o‘tdi
Қәўипсиз бақша: Жумысшы топар тәрепинен Мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў мәкемелери үйренилмекте

Қәўипсиз бақша: Жумысшы топар тәрепинен Мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў мәкемелери үйренилмекте

♻️ Өзбекстан ХДП Шымбай районлық кеңеси тәрепинен «Оржап» мәкан пуқаралар жыйыны аймағында жайласқан 17-санлы мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў шөлкеминде арнаўлы жумысшы топар тәрепинен үйрениў жумыслары алып барылды.

✅ Илажда Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңесиндеги ӨзХДП депутатлық топары ағзасы Х.Абдижалиев, Өзбекстан ХДП Шымбай районлық Кеңеси баслығы С.Нурмамбетов ҳәм тийисли тараў қәнигелери қатнасты.

✍️Үйрениў даўамында мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў шөлкеминде Санитариялық-гигиеналық талаплардың орынланыўы, өрт қәўипсизлиги қағыйдаларына әмел етилиўи, электр үскенелеринен дурыс пайдаланыў жағдайы ҳәм балалардың қәўипсизлигин тәмийинлеў илажлары, Балалар ушын жаратылған шараятлар, азық-аўқат өнимлерин туўры сақлаў ҳәм аўқат таярлаў процесслери көзден өткерилди. Сондай-ақ, билимлендириў шөлкеминиң жумысын және де нәтийжели шөлкемлестириў, бар кемшиликлерди сапластырыў ҳәм билимлендириўдиң сапасы және қәўипсизлик талапларын күшейтиў бойынша усыныслар берилди.

📌 Район аймағындағы мектепке шекемги билимлендириў мәкемелеринде бундай жәмийетлик қадағалаў ҳәм үйрениў жумыслары турақлы даўам етпекте.

Slide 1 of 6