35 yilYagona vatan, yagona xalq bo'lib, yangi hayot va kelajak yaratamiz!

Yangiliklar

So‘ngi yangiliklar

янв.21
Imon otada yo‘l va infratuzilma yangilanmoqda
янв.21
Oila qurish ostonasidagi yoshlar uchun o‘quv semenari tashkil etildi
янв.21
Uch uyli mahallasida hudud obodonligi va sanitariya tozaligini ta’minlash bo‘yicha ishlar o‘rganildi
янв.21
Sog‘lom oila — barqaror jamiyat poydevori
янв.21
FUQAROLAR MUROJAATLARI BILAN ISHLASH MASALALARI MUHOKAMA QILINDI
янв.21
Fuqarolar murojaatlari bilan ishlash masalalari muhokama qilindi
янв.21
Sessiya oldi doimiy komissiya tomonidan joyiga chiqib tashkilot rahbarining hisoboti muhokama qilindi
янв.21
Iskovut mahallasida profilaktika va soliq intizomi masalalari muhokama qilindi
янв.21
Temir yo‘l muhofaza zonasida tartibga keltirish ishlari olib borildi
янв.21
Kengash raisi Muqumiy mahallasida bunyodkorlik ishlarini muhokama qildi
ПУҚАРАЛАРДЫҢ ТАМАРҚА СУЎЛАРЫНА БОЛҒАН МҮТӘЖЛИКЛЕРИ ҚАНААТЛАНБАҚТА

ПУҚАРАЛАРДЫҢ ТАМАРҚА СУЎЛАРЫНА БОЛҒАН МҮТӘЖЛИКЛЕРИ ҚАНААТЛАНБАҚТА

♻️ Шымбай районындағы "Тағ-жап" каналы реконструкция жумысларынан соң салтанатлы түрде пайдаланыўға тапсырылды

✅ Илажда Шымбай районы ҳәкими Н.Ешанов, Қарақалпақстан Республикасы Суў хожалығы министри Б.Юсупов, Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңеси баслығы О.Толыбеков, аўыл ҳәм суў хожалығы тараўының жуўапкерлери, нуранийлар, қурылыс шөлкемлериниң ўәкиллери ҳәм жәмийетлик белсендилер қатнасты.

📌 Реконструкция жумыслары «Елликқалъа махсуссувпудрат» ЖШЖ тәрепинен әмелге асырылып, жойбардың шәртнама баҳасы 18 миллиард 992 миллион сўмды қүрады. Алып барылған илажлар нәтийжесинде каналдың пайдалы жумыс коэффициентин 0,90 ға шекем асырыў имканияты жаратылды. Экономикалық ҳәм социаллық әҳмийетке ийе бул қурылыс жумыслары арқалы 16 фермер хожалығының ҳәм 4 355 тен аслам пуқараның қыйтақ жерлериниң, улыўма алғанда 4 136 гектар егислик майданының суў тәмийинаты сезилерли дәрежеде жақсыланды.

🔹Жуўмақлап айтқанда, усы жойбардың әмелге асырылыўы аймақтың суў ресурсларынан нәтийжели пайдаланыўын тәмийинлеп, суў хожалығы системасын жаңа басқышқа көтерди. Бул өзине тән инфраструктуралық илажлар халықтың социаллық-экономикалық жағдайын жақсылаўға ҳәм азық-аўқат қәўипсизлигин бекемлеўге хызмет етеди.

Slide 1 of 6