«Депутат мәҳәлледе» жойбары шеңберинде депутатлардың сайлаўшылар менен ушырасыўы.
2025-жыл 14-апрель күни «Дәўир» МПЖ аймағындағы 5-санлы мектепте Өзбекстан ХДП районлық Кеңеси депутаты Қ.Жалиев сайлаўшылар менен ушырасты.
Ушырасыўда «Дәўир» МПЖ аймағында жасаўшы пуқаралар, усы аймақтағы билимлендириў мәкемелериниң педагог кадрлары қатнасты.
Ушырасыўда депутатлар «Дәўир» МПЖ аймағындағы халықтың, әсиресе жаслар ҳәм ҳаял-қызлардың бүгинги күндеги жумыс пенен тәмийинлениў көрсеткиши, аймақлардың экономикалық раўажланыў көрсеткишлери бойынша мағлыўматларды талқылап шығып, 2025-жылдың биринши шерегинде әмелге асырылған жумыслары бойынша есабат берди.
Депутат ушырасыў даўамында сайлаўшылардың усыныс,машқалаларын тыңлаў менен бирге усы аймақларда 2025-жыл даўамында ислениўи режелестирилген жойбарлар ҳаққында сайлаўшыларға мағлыўмат берди.