Yangiliklar

So‘ngi yangiliklar

янв.21
O'rganish davomida davolash bo‘limlari, kutish zallari va palatalardagi sharoitlar ko‘zdan kechirilib, bemorlarga ko‘rsatilayotgan tibbiy xizmatlarning sifati, sanitariya-gigiyena holati hamda tibbiyot muassasasida yaratilgan qulayliklarga alohida e’tibor qaratildi.
янв.21
Xalq deputatlari tuman Kengashining 11-Emalchi saylov okrugidan saylangan deputati A.Tavboyev tomonidan "Ko‘paki" mahallasida ijtimoiy xodim hamda bank xodimi ishtirokida uchrashuv o‘tkazildi.
янв.21
Xalq deputatlari Payariq tumani Kengashining Ijtimoiy soha, yoshlar siyosati, madaniyat va sport masalalari bo‘yicha doimiy komissiyasi raisi o‘rinbosari Sh. Mirzaqulov, tuman Kengashi kotibiyati bosh mutaxassisi N. Jazilov hamda Yoshlar maslahat guruhi a’zosi A. Iskanov tomonidan Payariq tumani tibbiyot birlashmasida amalga oshirilayotgan obodonlashtirish va hududni ko‘kalamzorlashtirish ishlari bilan tanishildi.
янв.21
Xalq deputatlari tuman Kengashi kotibiyati mudiri J.Axunov Ilg‘or mahallasida joylashgan 75-umumta’lim maktabida amalga oshirilayotgan qurilish ishlari holati o‘rganildi.
янв.21
Xalq deputatlari Payariq tumani Kengashi deputati, ijtimoiy soha yoshlar siyosati, madaniyat va sport masalalari masalalari bo‘yicha doimiy komissiyasi raisi o‘rinbosari Sh. Mirzakulov hamda Kengash kotibiyati mudiri J. Axunov tomonidan Oqqo‘rg‘on mahallasida sessiya kun tartibiga kiritilgan nogironligi bo‘lgan shaxslarni har tomonlama qo‘llab-quvvatlash borasida amalga oshirilayotgan ishlar yuzasidan o‘rganish olib borildi.
янв.21
Xalq deputatlari tuman Kengashining Mahalliy budjet, tadbirkorlikni rivojlantirish va iqtisodiy islohotlar masalalari bo‘yicha doimiy komissiyasi raisi A.Maxammatov tomonidan Qirqovul mahallasidagi tibbiyot muassasasida o‘rganish olib borildi.
янв.21
Xalq deputatlari Payariq tumani Kengashining Ijtimoiy soha, yoshlar siyosati, madaniyat va sport masalalari bo‘yicha doimiy komissiyasi raisi M.Nurmanova tomonidan Ernazarkurg‘on mahallasidagi 39-son davlat maktabgacha ta’lim tashkiloti faoliyati o‘rganildi.
янв.21
Xalq deputatlari Payariq tumani Kengashi kotibiyati mudiri J. Axunov tomonidan Topolos mahallasida joylashgan oilaviy shifokorlik punkti faoliyati yuzasidan o‘rganish olib borildi.
янв.21
Xalq deputatlari Payariq tumani Kengashining Korrupsiyaga qarshi kurashish, davlat organlarida ochiqlikni ta’minlash va huquqiy masalalar bo‘yicha doimiy komissiyasi a’zosi O‘.Omonov tomonidan tuman elektr tarmoqlari korxonasi rahbarining o‘rinbosari ishtirokida quyosh panellarini o‘rnatish bo‘yicha amalga oshirilayotgan ishlar o‘rganildi.
янв.21
Xalq deputatlari Payariq tumani Kengashining Ijtimoiy soha, yoshlar siyosati, madaniyat va sport masalalari bo‘yicha doimiy komissiyasi raisi o‘rinbosari Sh.Mirzaqulov hamda tuman Kengashi kotibiyati mudiri J.Axunov tomonidan Oqqo‘rg‘on mahallasida hokim yordamchisi faoliyati o‘rganildi.
МУНАСИБЕТ

 Мен, 20-“Тахтакөпир” сайлаў округынан Халық депутатлары Тахтакөпир районлық Кеңеси депутаты Жүсипов Тимур Шыныбаевич, усы жылдың 5 айы даўамында белгиленген график тийкарында өз сайлаўшыларым алдында әмелге асырған жумысларым бойынша сайлаўшылар менен ушырасыўлар өткерип есабат берип келмектемен.  

Ушырасыўлар даўамында елимизде әмелге асырылып атырған кең көлемли демократиялық реформалар, әсиресе,
Мәмлекетимиз басшысы тәрепинен Қарақалпақстан Республикасын социаллық-экономикалық раўажландырыў, халықтың абаданлығын арттырыў, инженерлик-коммуникация инфраструктурасын жақсылаў, жаңа жумыс орынларын
жаратыў және социаллық қорғаў системасын беккемлеўге қаратылған Пәрман ҳәм қарарлардың мазмун-мәниси ҳаққында кеңнен мағлыўмат берилди.
 

Сондай-ақ, Халық депутатлары Тахтакөпир районлық Кеңесиниң сессияларында қабыл етилген қарарлар, олардың халықтың турмыс дәрежесин жақсылаў, аймақларды комплексли раўажландырыў ҳәм социаллық машқалаларды шешиўдеги әҳмийети бойынша түсиндириў жумыслары алып барылды. 

Ушырасыўда усы жыл ушын қабыл етилген "Мәҳәллелерди раўажландырыў ҳәм жәмиетти жоқарылатыў жылы" Мәмлекетлик бағдарламасы шеңберинде белгиленген тийкарғы ўазыйпалар, мәҳәллелер инфраструктурасын раўажландырыў, халықты социаллық қоллап-қуўатлаў, бәнтликти тәмийинлеў, исбилерменликти раўажландырыў,
билимлендириў, денсаўлықты сақлаў ҳәм екологиялық турақлылықты тәмийинлеўге қаратылған илажлар ҳаққында да толық мағлыўмат берилди.
 

Есабат дәўири даўамында сайлаўшылардан жәми 15 мүрәжат келип түсти. Олардың ҳәр бири үйренилип, тийисли мәмлекетлик ҳәм хожалық басқарыў уйымлары және жуўапкер шөлкемлер менен биргеликте көрип шығылды. Нәтийжеде мүрәжатлардың тийкарғы бөлеги унамлы шешилди, қалғанлары бойынша әмелий илажлар көрилмекте. 

Соның ишинде, район орайынан “А.Адилов” аўыл пуқаралар жыйыны орайында пуқаралардың “Ашық бюджет” жойбарында жеңимпаз болып, ишки жолдың асфальтланыўы, газ тармақларының жаңадан тартылыўы, жап-салмаларды бетонлаў мәселелери унамлы шешилип, халық ушын әҳмийетли болған машқалаларға шешим табылды. Бул болса
сайлаўшылардың турмыс сапасы ҳәм турмыс шараятын және де жақсылаўға хызмет етти.
 

Ушырасыўлар даўамында сайлаўшылар мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған реформаларды кеңнен қоллап-қуўатлайтуғынын, мәмлекетимиз тәрепинен инсан қәдирин улығлаў, халықты социаллық қорғаў ҳәм аймақларды раўажландырыў бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслар өз турмысларында айқын сезилип атырғанын айрықша атап өтти. 

Қуўанышлы тәрепи, сайлаў округим аймағындағы жолды асфальтлаў, жап-салмаларды бетонлаў сыяқлы әҳмийетли машқалалар басқышпа-басқыш шешилмекте. Бул бағдарда халық пенен турақлы пикирлесиў, олардың пикир-усынысларын есапқа алыў депутатлық жумысымның тийкарғы бағдарларынан бири болып қалмақта. 

Соның менен бирге, халық депутатлары Тахтакөпир районлық Кеңесиниң сессиялары, турақлы комиссиялар мәжилислери ҳәм депутатлық топарының жумысында турақлы қатнасып, партиямыз электоратының мәплерин қорғаў, халықты ойландырып атырған социаллық мәселелерди көтериў, қабыл етилип атырған қарарлардың халық мәплерине хызмет етиўи бойынша өз усыныс ҳәм басламаларымды алға қойып келмектемен. 

Келешекте де сайлаўшыларым менен турақлы сөйлесиў, олардың машқала ҳәм усынысларын терең үйрениў, ҳәр бир мүрәжатқа жуўапкершилик пенен қатнас жасаў және олардың нызамлы мәплерин қорғаў депутатлық жумысымның тийкарғы бағдары болып қалады. 

  

Жүсипов Тимур Шыныбаевич. 

 20-“Тахтакөпир” сайлаў округынан Халық
депутатлары
Тахтакөпир районлық Кеңеси депутаты