Yangiliklar

So‘ngi yangiliklar

янв.21
Xalq deputatlari Payariq tumani Kengashining 2026-yil uchun mo‘ljallangan ish rejasining 2026-yil 23-27-fevral kunlari ijrosi bo‘yicha amalga oshirilgan ishlar to‘g‘risida ma'lumot
янв.21
Bugungi matbuot anjumanimiz xalq deputatlari tuman Kengashi deputati Sobir Mahkamov bilan bo‘lib o‘tdi.
янв.21
Xalq deputatlari Payariq tumani Kengashi deputati B.Shakarov hududdagi 50-maktab binosida olib borilayotgan tom qismini ta’mirlash ishlari bilan yaqindan tanishdi.
янв.21
Xalq deputatlari Payariq tumani Kengashi deputati Turdiyev Zoyir Axmatkulovich tomonidan Xo‘ja Ismoil mahallasida ishsiz yoshlarga bag‘ishlangan ochiq muloqot tashkil etildi.
янв.21
Moxichexra Nurmanovaning so‘roviga (https://t.me/Payariqkengashkotibiyati/12244) tumani hokimi o'rinbosari U.Quvatovdan javob olindi.
янв.21
Ayni paytda Payariq tumanidagi 78-umumta'lim maktabida tuman hokimi, tuman Kengashi deputati Shunqor Xudayberdiyev hamda Xalq deputatlari tuman Kengashi deputati Lola DJamalova birgalikda payshanba - yoshlar kunida bir guruh yoshlar bilan ochiq muloqot o‘tkazmoqda.
янв.21
Xalq deputatlari Payariq tuman Kengashi kotibiyati mudiri J. Axunov bilan matbuot anjumani bo‘lib o‘tdi.
янв.21
Mazkur memorandumdan ko‘zlangan asosiy maqsad deputatlarning faoliyatini yanada samarali tashkil etish, murojaatlar bilan ishlash tizimini takomillashtirish hamda aholi muammolarini tezkor va samarali hal etishga ko‘maklashishdan iborat.
янв.21
6-"Farovon” saylov okrugidan saylangan deputat Ochilova Nazakat Yo'ldoshovna bilan o‘tkazilgan matbuot anjumanimizda bugungi kunda Xalq rozimi, kabi savollar yuzasidan matbuot anjumani o‘tkazildi.
янв.21
Xalq deputatlari Payariq tumani Kengashi kotibiyati hamda "Madad" NNT o‘rtasida hamkorlik memorandumi imzolandi.
♾ Ҳүрметли Президентимиз Ш.Мирзиёевтиң атап өткениндей, жаслар ушын жаратылған имканиятлар - бул тек ғана жеңиллик емес, бул келешекке киргизилген ең дурыс инвестиция болып есапланады.

Ҳүрметли Президентимиз Ш.Мирзиёевтиң атап өткениндей, жаслар ушын жаратылған имканиятлар - бул тек ғана жеңиллик емес, бул келешекке киргизилген ең дурыс инвестиция болып есапланады.

🟢Кейинги жыллардағы нәтийжелер болса, бул сиясаттың қаншелли дурыс ҳәм узақты гөзлегенин айқын көрсетпекте. Санлар тек ғана статистика емес - олар мийнет, умтылыс ҳәм исеним жемиси болып есапланады. Жасларымыз жәҳән пән олимпиадаларында 66 алтын, 147 гүмис ҳәм 221 броньза медальын қолға киргизди. Бул - интеллектуаллық потенциалымыз дүня көлеминде тән алынып атырғанының дәлийли. Бүгинги күнде 500 ден аслам жасларымыз дүняның ең абырайлы жоқары оқыў орынларында билим алмақта.

✍️ Бул - глобаллық ҳәм стратегиялық пикирлейтуғын, халықаралық майданда биймәлел бәсекилесе алатуғын жаңа әўлад қәлиплесип атырғанын аңлатады. Инновациялық раўажланыў бағдарында да сезилерли нәтийжелер бар. 63 стартап жойбарымыз Дүня базарларына кирип барды. Бул - жасларымыз енди тек жумыс излеўши емес, ал жумыс жаратыўшы күшке айланып атырғанынан дәрек береди.

🟢Бирақ биз алдымызға және де үлкен мақсетлерди қоймақтамыз. Биз тек билимли жасларды емес, ал, - еркин пикирлейтуғын, - технологияларды жарата алатуғын, - глобал машқалаларға шешим усыныс ете алатуғын, - Ўатан мәпин ҳәмме нәрседен жоқары қоятуғын әўладты тәрбиялаўымыз керек.

Cол себепли жасларымыз:

✔️ Илимди терең ийелеўи;

✔️ Билимлендириў менен бирге әмелий кәсипке ийе болыўы;

✔️ Шет тиллерин толық үйренип, халықаралық сертификатларға ийе болыўы;

✔️ Инновациялық пикирлеўи ҳәм жаңа басламалар көрсетиўи зәрүр.

Бул процессте билимлендириў системасындағы ҳәр бир басшының жуўапкершилиги шексиз.

Жергиликли кеңес депутаты ҳәм мектеп басшысы сыпатында, Президентимиз Шавкат Мирзиёев тәрепинен жаслар мәселесине қаратылып
атырған жоқары итибары ҳәм басшыларға деген исенимин терең жуўапкершилик деп билемен.

💫Бүгинги күнде жәҳән пән олимпиадаларындағы жетискенликлер, абырайлы сырт ел университетлеринде билим алып атырған жасларымыз, халықаралық базарларға шығып атырған стартаплар ҳәм спорттағы үлкен жеңислер - булардың барлығы билимлендириў системасында алып барылып атырған избе-из реформалардың нәтийжеси екенин көрсетеди. Бул нәтийжелер биз - мектеп басшыларына және де үлкен ўазыйпа жүклейди.

Биз тек ғана тест шеше алатуғын оқыўшыларды емес, ал еркин пикирлейтуғын, машқалаға шешим таба алатуғын, Ўатанның раўажланыўына үлес қосыўды өз алдына мақсет етип қоятуғын жасларды тәрбиялаўымыз керек.

💫Бүгинги глобалласыў дәўиринде шет тиллерин билиў, санлы көнликпелерге ийе болыў ҳәм әмелий кәсип үйрениў ҳәр бир оқыўшы ушын
зәрүрликке айланған. Сонлықтан, мектебимизде тил оқытыў сапасын арттырыў, ИТ бағдарларын кеңейтиў ҳәм кәсипке бағдарлаў жумысларын күшейтиў тийкарғы ўазыйпа болып қалады.

Мен соны терең аңлайман, мектеп басшысының жуўапкершилиги - бул тек ғана ҳәкимшилик лаўазым емес. Бул - келешек ушын жуўапкершилик. Ҳәр бир питкериўшиниң тәғдири, оның өмирдеги табысы, руўхый жетиклиги белгили дәрежеде бизиң бүгинги ҳәрекетлеримизге байланыслы.

Сол себепли биз нәтийже ушын тиккелей жуўапкермиз. Себеби сапалы билимлендириў - күшли жәмийет, күшли экономика ҳәм күшли
мәмлекеттиң ең әҳмийетли тиреги болып есапланады.

Халық депутатлары Нөкис қалалық Кеңеси депутаты

Саипова Аклима Базарбаевна