Yangiliklar

So‘ngi yangiliklar

янв.21
ДЕПУТАТ НАЗОРАТИ
янв.21
ДЕПУТАТ НАЗОРАТИ
янв.21
«Сой» МФЙда оилалар мустаҳкамлиги ва аёллар бандлиги эътиборда
янв.21
ДЕПУТАТ НАЗОРАТИ
янв.21
Бойтўпида янги «Маҳалла гузари» барпо этилади.
янв.21
Тиббий хизмат сифати аҳоли билан очиқ мулоқот.
янв.21
ДЕПУТАТ НАЗОРАТИ
янв.21
ТИНЧЛИК МАҲАЛЛАСИ
янв.21
“Очиқ бюджет”да ғолиб бўлган лойиҳа: “Тинчлик” МФЙ кўчалари асфальт қилинмоқда
янв.21
“Аҳиллик” маҳалласида бепул чуқурлаштирилган тиббий кўрик ўтказилди
ХАЛЫҚҚА ТАЗА ИШИМЛИК СУЎЫН ЖЕТКЕРИЎ – БАСЛЫ МАҚСЕТ

ХАЛЫҚҚА ТАЗА ИШИМЛИК СУЎЫН ЖЕТКЕРИЎ – БАСЛЫ МАҚСЕТ

❗️ Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңесиндеги ӨзХДП депутатлық топары ағзалары аймақлардағы социаллық-экономикалық мәселелерди үйрениў, халықты қыйнап келип атырған машқалаларды унамлы шешиў бағдарында избе-из жумыслар алып бармақта.

♻️ Усы бағдардағы әмелий илажлардың даўамы сыпатында бүгин Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңесиндеги ӨзХДП депутатлық топары ағзасы Д.Ажимуратов өзи сайланған «Қостерек» аўыл пуқаралар жыйыны аймағында болып, соңғы жыллары елимизде халықты таза ишимлик суўы менен тәмийинлеў бағдарында әмелге асырылып атырған реформалардың аймақтағы орынланыўын көзден өткериў мақсетинде, «Қостерек» суў иншаатының бүгинги жағдайы менен жақыннан танысты.

✅ Илаж даўамында депутат суў иншаатының техникалық жағдайын, суў тармақларының ислеў қәбилетин ҳәм аймақ халқына таза ишимлик суўын үзликсиз жеткерип бериў имканиятларын көзден өткерди. Сондай-ақ, бар машқалаларды анықлап, алдағы ўақытта әмелге асырылыўы керек болған оңлаў ҳәм модернизациялаў жумыслары бойынша тийисли тараў қәнигелери менен пикир алмасылды.

✍️ Илаж соңында суў иншаатындағы бар машқалаларды шешиў ҳәм тийисли тараў қәнигелери менен биргеликте әмелий илажлар көриў бойынша тийисли ўазыйпалар белгилеп алынды.

Slide 1 of 3