Yangiliklar

So‘ngi yangiliklar

янв.21
Ижтимоий соҳа, ёшлар сиёсати, маданият ва спорт масалалари бўйича комиссияси йиғилиши
янв.21
Маҳаллий бюджет, тадбиркорликни ривожлантириш ва иқтисодий ислоҳотлар масалалари бўйича доимий комиссияси йиғилиши
янв.21
Xalq deputatlari Paxtaobod tuman Kengashining doimiy komissiya yigilishi
янв.21
Депутат ва “Маҳалла еттилиги” хамкорлиги
янв.21
ПАХТАОБОД ТУМАНИДА “ЁШЛАР ОЙЛИГИ” ДОИРАСИДА СПОРТ ФЕСТИВАЛИ ЎТКАЗИЛДИ.
янв.21
Куз-қиш мавсумига тайёргарлик
янв.21
Xalq deputatlari Paxtaobod tumani Kengashining o‘n birinchi sessiyasi
янв.21
Xalq deputatlari Paxtaobod tuman Kengashining yettinchi chaqiriq sakkizinchi sessiyasi
янв.21
Халқ депутатлари Пахтаобод туман Кенгашининг 8-сессияси кун тартибига киритилган масалалар доиммий комиссиялар томонидан дастлабки тарзда кўриб, мухокама қилинди.
янв.21
Халқ депутатлари Пахтаобод туман Кенгашининг 8-сессияси кун тартибига киритилган масалалар доиммий комиссиялар томонидан дастлабки тарзда кўриб, мухокама қилинди.
Мүнәсибет

Өзбекстан Республикасы Президент Шавкат Мирзиёевтың мәмлекетимиздеги жаңаланыўларға айрықша тоқтап өтип, "Биз Турақлы раўажланыў мақсетлерине үнлес ҳалда, демократиялық, ҳуқықый, социаллық ҳәм дүньялық Жаңа Өзбекстанды қурыў сиясатын алып бармақтамыз. Буның ушын артқа қайтпайтуғын реформаларымызды избе-из даўам еттирип атырмыз. 

Баслы мақсетимиз - мәмлекетимизде жасап атырған ҳәр бир шаңарақтың, ҳәр бир пуқараның турмысын түп-тийкарынан өзгертиў, инсан қәдири ҳәм абаданлығын арттырыў болып есапланады". деди мәмлекетимиз басшысы. 

Соңғы жылларда Өзбекстанда кәмбағаллық дәрежесин 35 проценттен 6,6 процентке шекем қысқартыўға ерисилгени атап өтилди. Оған, ең дәслеп, билимлендириў ҳәм илим
тараўын өзгертиў, инновациялық тармақлар ҳәм технологиялық санаат кәрханаларын қурыў, "жасыл" энергетика ҳәм транспорт инфраструктурасын модернизациялаў, киши бизнести ҳәр тәреплеме раўажландырыў ҳәм нәтийжеде миллионлаған жумыс орынларын жаратыў арқалы ерисилмекте.
 

Мәмлекетимизде мектепке шекемги билимлендириўге қамтып алыў 27 проценттен 78 процентке артқаны, жасларымыздың жоқары билимлендириўге қамтып алыныўы болса 9 проценттен 42 процентке жеткени атап өтилди. Ең тийкарғысы - оқытыўшы ҳәм устазлық кәсибиниң абырай-мәртебесин кескин арттырыўды шешиўши мәселе сыпатында
қаралмақта.
 

Ҳурметли Президентимиздиң жоқарыдағы ҳәр бир тараўдағы ерисилген нәтийжелерге атап өтер екен, бул елимиздеги болып атырған өзгерислер, раўажланыўлар өз-өзинен болып атырмағанлығы, бунда әлбетте журт басшымыздың жаратып қойған имканиятлары, жәнеде келешекке батыл қәдемлер менен алға илгерилеўлерге кең жол ашып
бергенлигиниң айқын дәлили болып есапланады.
 

“Баслы мақсетимиз-мәмлекетимизде жасап атырған ҳәр бир шаңарақтың, ҳәр бир пуқараның турмысын түп-тийкарынан өзгертиў, инсан қәдири ҳәм абаданлығын арттырыў болып есапланады" ҳәм “Ең тийкарғысы-Оқытыўшы ҳәм устазлардың кәсибиниң абырай-мәртебесин кескин арттырыўға қаратылған шешиўши мәселе сыпатында қаралмақта”-
делингенлиги
бул Өзбекстан халқына, устаз оқытыўшыларға үлкен бир итибар болып бул ҳәр бир инсан тәрепинен қуўанышлы қабыл етилди тәсирли сөзлер болды десек қәтелеспеймиз.  

Гулхатиша ЮСУПОВА, 3-"Маденият" сайлаў
округинен депутат