Yangiliklar

So‘ngi yangiliklar

янв.21
Ҳафталик иш режалар кўриб чиқилди
янв.21
Қарор ижроси – амалдаги назоратда
янв.21
Депутат жойларда
янв.21
Доимий комиссия йиғилиши.
янв.21
Депутат сайловчилар билан учрашув ўтказди.
янв.21
Халқ депутатлари Пахтаобод тумани Кенгашида депутатлар йиғилиши ўтказилди.
янв.21
Ёшлар билан очиқ мулоқот — келажакка қадам!
янв.21
Ижтимоий соҳа, ёшлар сиёсати, маданият ва спорт масалалари бўйича комиссияси йиғилиши
янв.21
Маҳаллий бюджет, тадбиркорликни ривожлантириш ва иқтисодий ислоҳотлар масалалари бўйича доимий комиссияси йиғилиши
янв.21
Xalq deputatlari Paxtaobod tuman Kengashining doimiy komissiya yigilishi
МОЙНАҚТА “САЛАМАТ ШАҢАРАҚ-САЛАМАТ-ЖӘМИЙЕТ ” ЖОЙБАРЫ ӨТКЕРИЛДИ

Мойнақ районында Өзбекстан ХДП Мойнақ районлық Кеңеси ҳәм Халық депутатлары Мойнақ районлық Кеңесиндеги партия топары менен биргеликте аналар ҳәм балалар саламатлығын беккемлеў, ҳаял-қызлар арасында саламат турмыс тәризин үгит-нәсиятлаў, олардың медициналық мәдениятын арттырыўға қаратылған "Саламат шаңарақ - саламат жәмийет" жойбары шеңберинде әмелий илаж өткерилди.

Илажда Өзбекстан ХДП Мойнақ районлық Кеңеси баслығы А.Асенбаева ҳәм Халық депутатлары Мойнақ районлық Кеңесиниң депутаты, партия топарының басшысы У.Урынбаева, "Мойнақ поликлиника" басланғыш партия шөлкеминиң ағзалары, Мойнақ районы 27-санлы Шаңарақлық поликлиникасының жуўаплы хызметкерлери ҳәм аймақ турғынлары қатнасты.

Өткерилген әмелий илаж даўамында 50 ден аслам жаслар, ҳаял-қызлар ҳәм балалар медициналық тексериўден өткерилип, саламатлығын беккемлеў, түрли кеселликлердиң алдын алыў бойынша шыпакерлер тәрепинен тийисли усыныслар берилди. Сондай-ақ кеселлиги анықланғанга емлениў ушын жолламалар берилди.

Slide 1 of 1