35 yilYagona vatan, yagona xalq bo'lib, yangi hayot va kelajak yaratamiz!

Yangiliklar

So‘ngi yangiliklar

янв.21
Deputat o‘quv markazi faoliyati bilan tanishdi
янв.21
Suvonobod mahallasidagi xususiy bog‘chalarda sharoitlar o‘rganildi
янв.21
ELEKTR TARMOQLARI BO‘YICHA DEPUTATLIK SO‘ROVI YUBORILDI
янв.21
«Jismoniy va yuridik shaxslarning murojaatlari to‘g‘risida»gi Qonun ijrosi o‘rganildi
янв.21
2-BAND IJROSI: Tibbiy diagnostika xizmatlari va zamonaviy tibbiy apparatlardan foydalanish jarayoni o‘rganildi
янв.21
Deputatlik nazorati: “Urug‘chilik to‘g‘risida”gi Qonun ijrosi o‘rganildi
янв.21
KUZ-QISH MAVSUMIGA TAYYORGARLIK ISHLARI O‘RGANILDI
янв.21
FUQAROLAR MUAMMOLARI JOYIDA O‘RGANILDI
янв.21
DEPUTATLIK SO'ROVI YUBORILDI
янв.21
Fuqarolar murojaatlariga huquqiy yechim — hamkorlikda!
МОЙНАҚТА ЖАҢА ОҚЫЎ ЖЫЛЫ БАСЛАНДЫ

МОЙНАҚТА ЖАҢА ОҚЫЎ ЖЫЛЫ БАСЛАНДЫ

Бүгин, 2-сентябрь күни республикамыздың барлық улыўма билим бериў мектеплеринде 2026-2027-оқыў жылының басланыўына бағышланған "Биринши қоңыраў" байрам илажлары жоқары кейпиятта өткерилди.

Усы мүнәсибет пенен Халық депутатлары Мойнақ районлық Кеңесиндеги ӨзХДП депутатлық топары басшысы У.Уринбаева "Дослық" мәкан пуқаралар жыйыны аймағындағы 4-санлы улыўма билим бериў мектебинде өткерилген салтанатлы илажда қатнасты.
Илаж даўамында депутат У.Уринбаева сөзге шығып шығып мектеп жәмәәти, оқытыўшылар, оқыўшылар ҳәм ата-аналарды жаңа оқыў жылының басланыўы менен қызғын қутлықлады. Әсиресе, мектеп босағасына биринши мәрте қәдем қойып атырған 1-класс оқыўшыларына оқыўда үлкен табыслар, билим шыңларын ийелеўде табыслар тиледи. Сондай-ақ, мәмлекетимизде билимлендириў тараўын раўажландырыў, жасларға сапалы тәлим-тәрбия бериў бағдарында әмелге асырылып атырған кең көлемли реформаларға тоқтап өтти.

Илаж соңында жаңа оқыў жылының дәстүрий "Биринши қоңыраўы" жаңлап, оқыўшылар жаңа оқыў жылындағы дәслепки сабақларын алыў ушын класс ханаларына мирәт етилди.

Slide 1 of 1