Yangiliklar

So‘ngi yangiliklar

янв.21
Xalq deputatlari Paxtakor tumani Kengashining 7-chaqiriq yigirma birinchi sessiyasi bo‘lib o‘tdi
янв.21
Xalq deputatlari Paxtakor tumani Kengashining yettinchi chaqiriq yigirma birinchi sessiyasi oldidan, doimiy komissiyalar yig'ilishi bo'lib o'tdi
янв.21
Xalq deputatlari Paxtakor tuman Kengashining navbatdagi yigirma birinchi sessiyasi
янв.21
Mahallalarda aholi tomorqalarini oqar suv bilan ta'minlash ishlari deputat nazoratida
янв.21
Ijtimoiy soha obyektlarini kuz-qish mavsumida olib borilayotgan ishlari deputatlar tomonidan muntazam ravishda o'rganib kelinmoqda
янв.21
MUNOSABAT
янв.21
Paxtakor tumani Samarqand MFY hududidagi 4-maktabda “Xalq bilan yuzma-yuz” uchrashuvi bo‘lib o‘tdi. Mazkur uchrashuvda mahalla aholisi tomonidan kundalik hayotda qiynab kelayotgan muammolar ochiq va oshkora muhokama qilindi.
янв.21
Ijtimoiy soha obyektlarini kuz-qish mavsumida olib borilayotgan ishlari deputatlar tomonidan o'rganilmoqda
янв.21
DAVLAT TILI TO‘G‘RISIDAGI QONUN IJROSI AMALDA
янв.21
Deputatlar tomonidan mahallalardagi ta'mirlanayotgan ichki ko'chalar bo'yicha nazorat tahlil tadbirini olib bordi
Мүнәсибет

Ҳаял-қызлар ушын жоқары билимлендириўдеги жаңа имканиятлар

Жәмийетте ҳаял-қызлардың социаллық белсендилиги, олардың билимлендириў ҳәм кәсиплик раўажланыўдағы қатнасыўы барған сайын артып бармақта. Әсиресе, жоқары билимлендириў системасында ҳаял-қызлар ушын жаратылып атырған шараятлар ҳәм жеңилликлер мәмлекетте гендер теңлик сиясатының әмелий көриниси болып есапланады. Бүгинги күнде өз тараўында үлкен тәжирийбеге ийе, бирақ ҳәр қыйлы себеплерге бола жоқары мағлыўмат ала алмаған ҳаял-қызлар ушын жаңа имканиятлар есиги ашылды. Енди олар да өзиниң кәсиплик жумысын илимий ҳәм академиялық дәрежеде даўам еттириў имканиятына ийе болмақта. Бүгин елимизде өз кәсиби, тараўы бойынша тәжирийбеге ийе, бирақ жоқары мағлыўмат ала алмаған ҳаял-қызлар ушын есиклер және де кеңирек ашылмақта. Мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлерде кеминде 5 жыл мийнет стажына ийе, бирақ жоқары мағлыўматқа ийе болмаған ҳаял-қызлар ушын төлемли-контракт тийкарындағы қабыллаў квотасы 500 ден 2,5 мыңға шекем – 5 есеге арттырылды. Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар комитетиниң жеңиллетилген усынысы тийкарында 3933 ҳаял-қыз мәмлекетлик грант, 845 и төлемли-контракт тийкарында студентликке қабыл етилди. Быйылғы оқыў жылында жәми 200 мың 446 ҳаял-қызлар жоқары билимлендириў мәкемелерине, соннан: 100 246 – мәмлекетлик ЖООларға, 92 451 – мәмлекетлик емес ЖООларға, 7 749 – сырт ел жоқары билимлендириў мәкемелерине оқыўға қабыл етилди. Бул басламалар UNESCOның билимлендириў тараўындағы мақсет ҳәм принциплерине толық сәйкес келеди.

Ҳурметли Президентимиз тәрепинен ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлайтуғын бирнешше пәрман ҳәм қарарлары қабыл етилип атырғанлығы бүгинги күнде ҳаял-қызларға деген үлкен итибардың болып атырғанлығынан, белгили бир қәнийгеликти ийелей алмаған, жәнеде орта-арнаўлы билимге ийе болған ҳаял қызлардың өндиристен қол үзбеген ҳалда оқып алыўлары ушын жаратылып атырған имканиятлар бул бизиң Өзбекстан Республикасында бурын болмаған жағдайлар, имканиятлар екенлигин бәршемизде билемиз. Соннан жуўмақ шығарар екенбиз ҳаял-қызлардың жоқары билимлендириўге кириў имканиятларының кеңейгени тек ғана индивидуал жетискенлик емес, ал пүткил жәмийеттиң раўажланыўының көрсеткиши болып есапланады. Билим алған ҳаял – билимли ана, жетик қәниге, шаңарақта билимли меҳрибан ана ҳәм белсенди пуқара. Демек, жоқары билимлендириўдеги бундай имканиятлар мәмлекеттиң экономикалық, мәдений ҳәм социаллық раўажланыўына тиккелей айрықша үлес қосатуғынлығы, елимизде ҳаял-қызлардың билимлендириў ҳәм илим тараўында белсене қатнасыўы өзине тән өзгерислер дәўириниң белгиси болатуғынлығына хызмет етеди деп исенемиз.

3-«Маденият» сайлаў округи депутаты Г.Юсупова