Yangiliklar

📌ДЕПУТАТ КӨШЕ БИЙЛЕРИ МЕНЕН УШЫРАСТЫ.

     ✅Халық депутатлары Нөкис районлық Кеңеси депутаты Р.Қурбанбаев “Бақаншақлы” аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы көше бийлери менен ушырасыў өткерди.

     📝Ушырасыў даўамында өткен дәўир даўамында әмелге асырылған жумыслар, аймақты социаллық-экономикалық раўажландырыў бойынша басламалар, халықты қыйнап киятырған машқалалар бойынша пикир ҳәм усыныслар тыӊланды.

    📨Көше бийлери тәрепинен көтерилген усыныс ҳәм мүрәжатларды унамлы шешиў бойынша илажлар белгилеп алынып, тийисли мәкеме ҳəм шөлкемлерге депутатлық сораўлар жиберилетуғынлығы атап өтилди.

👉 https://t.me/Nukus_tuman_Kengashi

Slide 1 of 5