Yangiliklar

So‘ngi yangiliklar

Доимий комиссия мажлиси

2025-жыл 26-март күни район ҳәкимлигинде Халық депутатлары Тахтакөпир районлық Кеңеси жанындағы «Социаллық тараў, Жаслар сиясаты, мәденият ҳәм спорт мәселелери бойынша» турақлы комиссияның гезектеги жыйналысы болып өтти. Жыйналысқа турақлы комиссия ағзалары, Жаслар ислери агентлиги Тахтакөпир районлық бөлими баслығы ҳәм аймақлардағы Жаслар жетекшилери қатнасты. Жыйналыс күн тәртибинде Жаслар ислери агентлиги Тахтакөпир районлық бөлими тәрепинен 2025-жылда аймақлардагы жаслар машқалаларын үйренип шығып, хатлаў нәтийжелери ҳәм оларға көрсетилип атырған әмелий жәрдемлер ҳаққында Жаслар ислери агентлиги Тахтакөпир районлық бөлими баслығы А.Нызаматдиновтың есабаты тыңланды.

Slide 1 of 1