35 yilYagona vatan, yagona xalq bo'lib, yangi hayot va kelajak yaratamiz!

Yangiliklar

So‘ngi yangiliklar

янв.21
Doimiy komissiya va tashkilotlar hamkorligi doirasida qonun ijrosi o‘rganildi
янв.21
Deputatlik nazorati: tibbiyot obyektidagi qurilish-ta’mirlash ishlari o‘rganildi
янв.21
Deputatlik nazorati: savdo obyektining faoliyati o‘rganildi
янв.21
Tibbiyot muassasasida raqamlashtirish jarayonlari o‘rganildi
янв.21
Mahalliy budjet mablag‘laridan samarali foydalanish masalasi ko‘rib chiqildi
янв.21
Deputatlik nazorati: ta’lim muassasasining yangi o‘quv yiliga tayyorgarligi o‘rganildi
янв.21
Deputatlik faoliyatini samarali tashkil etish bo‘yicha metodik tavsiyalar berildi
янв.21
Fuqarolar murojaatlari joyida o‘rganildi
янв.21
Yoshlarni Vatanga sadoqat ruhida tarbiyalash — ustuvor vazifa
янв.21
Kotibiyat bosh mutaxassisi hokim yordamchisi faoliyati bilan tanishdi
Олий Мажлис Сенаты тәрепинен жергиликли Кеңеслер ҳәм секретарьиатлар ҳаққында қабыл етилген қарарлардың орынланыўы додаланды

Олий Мажлис Сенаты тәрепинен жергиликли Кеңеслер ҳәм секретарьиатлар ҳаққында қабыл етилген қарарлардың орынланыўы додаланды

🔰 Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңесинде Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты тәрепинен жергиликли Кеңеслер ҳәм олардың секретарьиатларының жумысын буннан былай да жетилистириў бойынша қабыл етилген қарарлардың орынланыўына бағышланған додалаў мәжилиси болып өтти.

🟢 Додалаў даўамында Сенат қарарларында белгиленген ўазыйпалардың аймақларда әмелге асырылыўы, жергиликли Кеңеслердиң жумыс нәтийжелилигин арттырыў, депутатлық қадағалаўды күшейтиў, секретарьиатлардың жумысын заман талаплары тийкарында шөлкемлестириў және пуқаралардың мүрәжатлары менен ислесиў системасын жетилистириў мәселелери ҳәр тәреплеме көрип шығылды.

Сондай-ақ, қарарлардың орынланыўын тәмийинлеў бойынша әмелге асырылған жумыслар талланып, бар кемшиликлерди сапластырыў ҳәм белгиленген ўазыйпаларды өз ўақтында ҳәм сапалы орынлаў бойынша жуўапкерлерге тийисли тапсырмалар берилди.

Мәжилис жуўмағында Олий Мажлис Сенатының қарарларының орынланыўын избе-из тәмийинлеў, жергиликли Кеңеслердиң жумысын буннан былай да жетилистириў ҳәм депутатлық қадағалаўды күшейтиў бойынша келешектеги әҳмийетли ўазыйпалар белгилеп алынды.

Slide 1 of 5