Кейинги жыллары Президентимиздиң басламасы менен жергиликли Кеңеслердиң жумысын
түп-тийкарынан реформалаў, олардың ўәкилликлерин кеңейтиў, депутатлардың
жуўапкершилигин ҳәм халық алдындағы есап бериўин арттырыўға қаратылған бир
қатар қарар ҳәм пәрманлар қабыл етилди.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң аймақларды комплексли раўажландырыў ҳәм жергиликли
басқарыўды күшейтиўге қаратылған қарарларында жергиликли Кеңеслердиң төмендеги
ўазыйпалары айрықша белгилеп берилген:
- депутатлық қадағалаўды күшейтиў.
- ҳәкимлердиң есап бериўин арттырыў.
- жергиликли бюджет ҳәм қаржыларды ашық додалаў;
- халықтың мүрәжатлары менен ислесиў системасын жетилистириў.
- жәмиетшиликтиң қатнасын кеңейтиў.
Президентимиздиң мәмлекетлик басқарыўды демократияластырыўға қаратылған ҳүжжетлеринде жергиликли Кеңеслер халық пенен мәмлекет арасындағы "көпир" екени атап өтилди.
Жусипов Тимур Шыныбаевич Халық
депутатлары Тахтакөпир районлық Кеңеси секратариаты баслығы