♻️ 18-санлы "Бахытлы" сайлаў округинен Халық депутатлары Нөкис районлық Кеңеси депутаты, ӨзХДП депутатлық топары баслығы Р.Сапарниязовтың «Төк таў» мәкан пуқаралар жыйыны аймағында жасаўшы сайлаўшылар менен ушырасыўы болып өтти.
✅ Ушырасыўда депутат Р.Сапарниязовтың 2025-жылдың I-шереги даўамында өз сайлаў округинде алып барған жумыслары, соның ишинде, сайлаўшылардың мүрәжатларының шешими, аймақты социал экономикалық раўажландырыў барысында орын алған машқалалардың шешими бойынша есабат берди.
🔹Сондай-ақ, ушырасыўда депутат Р.Сапарниязов халықтың турмыс дәрежесин жақсылаў бойынша өзиниң пикир ҳәм усынысларын билдирип, аймақ турғынларының мүрәжатларын тыңлады ҳәм шешими бойынша ўазыйпалар белгилеп алынды.