35 yilYagona vatan, yagona xalq bo'lib, yangi hayot va kelajak yaratamiz!

Yangiliklar

So‘ngi yangiliklar

янв.21
Mustaqilligimizning 35 yilligi munosabati bilan yurtimiz bo‘ylab keng qamrovli ma’naviy-ma’rifiy tadbirlar va targ‘ibot uchrashuvlari o‘tkazilmoqda.
янв.21
Mahalladagi ijtimoiy xodim tomonidan aholining ijtimoiy extiyojmand toifalariga ko‘rsatiladigan xizmatni sifatli tashkil etish holati o'rganildi.
янв.21
Xalq deputatlari Oqqo‘rg‘on tumani Kengashiga O‘zLiDeP partiyasidan 10-“Tolovul” saylov okrugi deputati T.Bobolov tomonidan fuqarolar bilan sayyor qabul o‘tkazildi.
янв.21
Doimiy komissiya qarorlari namunaviy qarorlar asosida rasmiylashtirilmoqda
янв.21
Yoshlar etakchisi faoliyati va qonunchilik ijrosi o‘rganildi.
янв.21
Qonun ijrosi o‘rganildi
янв.21
Hududdagi investitsiya loyihalari ijrosi o‘rganildi
янв.21
«AHOLI MUAMMOLARINI KO‘CHAMA-KO‘CHA O‘RGANISH
янв.21
Xalq deputatlari Oqqo'rg'on tumani Kengashining VII chaqiriq 39-sessiyasi o'tkazildi
янв.21
AHOLI MUAMMOLARINI KO‘CHAMA-KO‘CHA O‘RGANISH
Мунасибет

Мүнәсибет

Мен, 1-Қараой сайлаў округинен Тахтакөпир районлық Кеңеси депутаты Даўлетиярова Венера Бағдияровна, усы жылдың 1-апрель күни белгиленген график тийкарында өз сайлаўшыларым алдында усы жылдың I-шереги даўамында әмелге асырған жумысларым ҳаққында сайлаўшыларға есабат бердим.

Ушырасыўда ҳүрметли Президентимиз тәрепинен Қарақалпақстанды социаллық-экономикалық раўажландырыў бойынша қабыл етилген Пәрман ҳәм Қарарлары, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси тәрепинен қабыл етилген қарарлардың мазмун-мәнисин түсиндирип бердим. 

Есабат дәўиринде сайлаўшылардан 7 мүрәжат келип түсти ҳәм олар тийисли жуўапкерлер менен биргеликте унамлы шешип берилди.

Мысал ушын, “Қараой” АПЖ аймағында жасаўшы, социаллық қорғаўға мүтәж шаңарақ перзенти, “Жаслар дәптери”не киритилген, ҳәзирги ўақытта Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында оқып атырған студент Турымбетова Ҳүрлиман хожагелди қызының 7 млн 400 мың сўм муғдарында шәртнама төлемин төлеп бериўде әмелий жәрдем көрсеттим.

Сайлаўшылар менен ушырасыўларда ҳәм олар менен пикир алысып, саўбетлесиў барысында олардың мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған реформалардан разы, оны ҳәр күни өз турмысында сезип атырғаны олардың мүнәсибетлеринен көринип турыпты.

Буған қосымша “Қараой” АПЖ аймағында жасаўшы, социаллық қорғаўға мүтәж шаңарақларга Сахауат хам комек жамгармасынан дари-дармак ушын бир мартелик жардем сорап I-шерек дауамында пластик картасына салып берилди. Январь айында Шарибаева Дилфузага 1200 000сум.Рысназаров Шынназарга 1200 000 сум. Жумагулова Айсулыуга 1500 000 сум Жанабаева Гулнурга 1500 000 сум Ержанова Маряшка 1200 000 сум Кудайбергенова Амангулге 1500 000 сум Садиров Мансурга 375 000 сум Есимбетов Сапарбек Турганбаевич ке 12 616 055 сум муғдарында шәртнама төлемин төлеп бериўде әмелий жәрдем көрсеттим.

Сессия ҳәм турақлы комиссия мәжилислеринде турақлы қатнасып, оларда партиямыз электораты мәплеринен келип шығып өз пикир ҳәм усынысларымды билдирип келмектемен.  

 

Даўлетиярова Венера,

1-"Қараой" сайлаў округинен депутат.

Slide 1 of 1