Өзбекстан Республикасы «Пуқаралардыӊ өзин-өзи басқарыў уйымлары ҳаққында»ғы Нызамының 11-статьясына муўапық пуқаралар жыйынлары ўәкиллери ҳәм атқарыў ҳәкимияты уйымы басшыларының пуқаралар жыйынлары искерлиги тараўына киретуғын мәселелер жүзесинен есабатларын тыӊлаў белгиленген. Усы мүнәсибет пенен Ак.С.Камалов аўыл пуқаралар жыйыны аймағында районлық Кеӊес депутатлары, мәҳәлле ўәкиллери ҳәм аймақ пуқаралары қатнасында ушырасыў болып өтти. Ушырасыўда Халық депутатлары Қараөзек районлық Кеӊеске 12-Қаракөл округинен депутат А.Келимбетова шығып сөйлеп, мәмлекетимизде әмелге асырылып атырылған реформалар барысы, сондай-ақ, жаңадан қабыл етилген нызам ҳәм қарарлар, мәмлекетлик бағдарламалардың әҳмийети, мазмун-мәниси ҳаққында ҳәм бул бағдарда аймақта әмелге асырылатуғын жумыслар ҳаққында мағлыўмат берилди. Сондай-ақ, мәҳәлле ўәкиллериниӊ аймақты социал-экономикалық раўажландырыў бойынша әмелге асырылған жумыслары ҳәм алдағы ислениўи тийис ўазыйпалар бойынша есабатлары тыӊланды. Ушырасыўда аймақ пуқаралары тәрепинен билдирилген мүрәжатлар депутат тәрепинен қадағалаўға алынып, тийисли мәмлекетлик уйымларға депутатлық сораўлар жиберилиўи белгиленди.