Мүнәсибет
Сайлаўшылардың машқалалары унамлы шешим тапты
Мен, 18-“Бахытлы”
сайлаў округинен Халық депутатлары Нөкис районлық Кеңеси депутаты Рейипназар
Сапарниязов усы жылдың 6 айы даўамында белгиленген
график тийкарында өз сайлаўшыларым алдында әмелге асырған жумысларым бойынша
сайлаўшылар менен ушырасыўлар өткерип есабат берип келмектемен.
Атап айтқанда,
Ҳүрметли Президентимиз тәрепинен Қарақалпақстанды социаллық-экономикалық
раўажландырыў бойынша қабыл етилген Пәрман ҳәм Қарарлары, Халық депутатлары
Нөкис районлық Кеңеси Сессияларында қабыл етилген қарарлардың мазмун-мәнисин
ҳаққында түсиниклер берилди.
Соның менен
бирге, «Мәҳәллени раўажландырыў ҳәм жәмийетти жетилистириў жылы» Мәмлекетлик
бағдарламасында нәзерде тутылған реже ҳәм ўазыйпалар ҳаққында мағлыўмат берилди
ҳәм мазмун-мәниси кеңнен түсиндирилди.
Жыл басынан
бүгинги күнге шекем сайлаўшылардан 27 мүрәжат келип түскен болып, мүрәжатлар тийисли
жуўапкерлер менен биргеликте унамлы шешим тапты.
Мәселен, "Төк
таў" мәҳәллесиниң "А.Дабылов" ҳәм "Күнхожа" көшелери
турғынларының мүрәжатлары бойынша бул көшелерге түнги жарытқыш үскенелери
орнатып берилди. Соның менен бирге, аўылдағы 2 жаңа көшеге қум шағал араласпасы
төгилип, суў тармақларына жалғаў бойынша жумыслар басланып кетти.
Соны да атап өтиў
орынлы, сайлаўшылар мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған реформалардан разы
екенлиги, оны ҳәр күни өз турмысында сезип атырғанлықларын билдирди.
Сессия, турақлы
комиссия ҳәм депутатлық топар мәжилислеринде турақлы қатнасып, онда партиямыз
электораты мәплеринен келип шығып өз пикир ҳәм усынысларымды билдирип
келмектемен.
Рейипназар Сапарниязов,
18-“Бахытлы” сайлаў
округинен Халық депутатлары Нөкис районлық Кеңеси депутаты