Yangiliklar

So‘ngi yangiliklar

янв.21
XALQ DEPUTATLARI OLTINSOY TUMANI KENGASHINING HAFTALIK ISH REJASINI BAJARILISHI TAHLILI
янв.21
MUROJAAT VA IJRO — DEPUTAT NAZORATIDA
янв.21
Mahalliy Kengash deputati faoliyatining eng muhim yo‘nalishlari bo‘yicha tavsiyalar
янв.21
Oltinsoydagi “Mulloli” ko‘chasi qachon ta’mirlanadi? Deputat aholi muammosini ko‘tarib chiqdi
янв.21
Suv — hayot manbai: “Suv va suvdan foydalanish toʻgʻrisida”gi Qonun nima uchun muhim?
янв.21
Yer — bebaho boylik: “Tuproqni muhofaza qilish va uning unumdorligini oshirish toʻgʻrisida”gi Qonun nima uchun muhim?
янв.21
Oltinsoy tumanida Kengash kotibiyati mudiri Sh.Boyqulovning kunlik Ish rejasi asosida "Ekraz" mahallasida nazorat-tahlil tadbirlari davom ettirildi
янв.21
Oltinsoy tumanining "Bo‘ston” hamda "Chep"mahallasida olib borilgan o'rganishlar davomida infratuzilma loyihalarining bajarilish holati o'rganildi
янв.21
MUROJAAT VA IJRO — DEPUTAT NAZORATIDA
янв.21
Xalq deputatlari viloyat Kengashi kotibiyat mudiri Sherpo‘lat Boyqulovning kunlik Ish rejasiga muvofiq, 35-Qorliq saylov okrugidan saylangan xalq deputatlari viloyat Kengashi deputati Jamshid Pardayevning saylov okrugiga tegishli Oltinsoy tumanining “Bo‘ston” hamda "Chep" mahallalarida nazorat-tahlil tadbirlari o‘tkazildi
Мүнәсибет

Партияның сайлаўалды бағдарламасынан келип шығып, депутатлық бирлеспелериниң 2024-2029-жылларға мөлшерленген Ҳәрекет бағдарламасының орынланыўы шеңберинде салмақлы жумыслар исленди.
Атап айтқанда, орынлардағы машқалаларды шешиўге қаратылған 106 депутатлық сораўы жиберилди. Итибарлы тәрепи сонда, бул сораўлардың 106, яғный 100 проценти унамлы шешилди. Сондай-ақ, жергиликли Кеңеслерде лаўазымлы шахслардың 12 мәрте сессияларда есабаты тыңланды. Депутатларымыз тийкарғы итибарды халықты қыйнап атырған системалы машқалаларға - атап айтқанда, халықтың бәнтлигин тәмийинлеў, кәсип-өнерге оқытыў, жаңа жумыс орынларын жаратыў, халықты социаллық қорғаў, денсаўлықты сақлаў, билимлендириў системасы, мектепке шекемги билимлендириў мәкемелериниң материаллық-техникалық базасын беккемлеў, халықты сапалы коммуналлық хызметлер ҳәм таза ишимлик суўы менен тәмийинлеў жағдайына қаратты.
            Усы жылы Халық демократиялық партиясы районлық кеңесиниң Жәмийетлик қабыллаўханалары арқалы пуқаралар менен турақлы ҳәм системалы байланысты жолға қойыў бойынша итибарлы жумыслар әмелге асырылды. 2025-жыл даўамында "Жәмийетлик қабыллаўхана"ға пуқаралардан жәми 244 мүрәжат келип түсти. Итибарлысы, депутатларымыз ҳәм белсендилеримиздиң араласыўы менен бул мүрәжатлардың 244, яғный 100 проценти унамлы шешилди. Мүрәжатлардың көпшилиги ҳәр түрли социаллық мәселелерге туўра келеди.
            Есабат дәўиринде партиямыз тарийхындағы ең үлкен өсиўге еристик. Санларға итибар қарататуғын болсақ, 2025-жыл 1-январь жағдайына партия ағзаларының саны 3915 адамды қураған болса, 2026-жыл 1-январьға келип бул көрсеткиш 4247 адамға жетти. Яғный, бир жылдың өзинде қатарымыз 332 адамға көбейип, 0,59 пайызға өсти.
Бул тек сан емес, бул сапа көрсеткиши де болып есапланады. Ағзаларымыз арасында жаслар үлеси 40,5 процентке, ҳаял-қызлар үлеси болса 50,2 процентке жетти.
Есабат дәўиринде, заман талабынан келип шығып, биз кабинетте отыратуғын партия емес екенимизди көрсетип, халық арасына кирип бардық. "Депутат мәҳәлледе," "Қуўаныш ҳәм меҳир бөлисейик," "Саламатлық акциясы," "Сиясаттағы жаслар," "Депутат ҳәм жаслар," "Сиясаттағы жаслар" турнири, "Социаллық басламалар" акциясы, "Бир-биримизди қоллап-қуўатлайық", "Қатарымыздағы жаслар," "Имканияты шексиз ҳаяллар" сыяқлы 10 нан аслам жойбарлар шеңберинде 2800 ден аслам ўатанласларымызды қамтып алдық.
Әсиресе, майыплығы болған шахсларды қоллап-қуўатлаў тийкарғы ўазыйпамыз болды.
200 ден аслам аслам имканияты шекленген пуқаралар менен жүзбе-жүз сөйлесилип, 80 нен аслам шаңараққа тиккелей барылды ҳәм материаллық жәрдем көрсетилди. Медициналық акцияларымыз даўамында 300 ден артық пуқара бийпул көриктен өткерилди.
Биз өзимиздиң көп санлы ағзаларымыз, пидайы белсендилеримиз ҳәм депутатларымыз бенен биргеликте халқымыздың исенимин ақлаў, Жаңа Өзбекстанның раўажланыўына мүнәсип үлес қосыў ушын бар күш ҳәм ғайратымызды жумсаймыз.

Сыдық НУРМАМБЕТОВ,
Өзбекстан Халық демократиялық партиясы Шымбай районлық кеңеси баслығы

Slide 1 of 1