Yangiliklar

So‘ngi yangiliklar

Кеңес баслығының жаслар менен ушырасыўы өткерилди

Кеңес баслығының жаслар менен ушырасыўы өткерилди

♻️ Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңесиниң баслығы О.Толыбеков, Шымбай районы Жаслар ислери бөлими баслығы А.Генжебаев ҳәм де Шымбай районы техникумы директоры Л.Мамутовалар қатнасыўында "Басшы ҳәм жаслар" ушырасыўы шөлкемлестирилди.

✅ Ушырасыўда жаслар менен ашықтан-ашық сөйлесиў өткерилип, олардың усыныслары ҳәм машқалалары ҳәр тәреплеме үйренилди. Сондай-ақ, жаслардың бәнтлигин тәмийинлеў, оларды кәсип-өнерге бағдарлаў, билим алыў имканиятларын кеңейтиў ҳәм социаллық белсендилигин арттырыў мәселелери бойынша тийисли пикир ҳәм усыныслар берилди.

🔹Бул ушырасыў жаслар менен ислесиў системасын буннан былай да жетилистириў, олардың басламаларын қоллап-қуўатлаў ҳәм әҳмийетли машқалаларды шешиўге хызмет етеди.

Slide 1 of 4