Yangiliklar

So‘ngi yangiliklar

янв.21
Oltiariq tumanida yangi ish o‘rinlarini yaratish, aholi bandligini ta’minlash, fuqarolar daromadlarini oshirish hamda kambag‘allikni qisqartirish yo‘nalishida seminar tashkil etildi.
янв.21
Olmazor mahalla fuqarolar yig’inida “mahalla yettiligi” faoliyati o‘rganildi
янв.21
30-maktabda sport infratuzilmasini yaxshilash masalalari o‘rganildi
янв.21
Ko‘mirchi mahallasida aholi muammolari o‘rganildi
янв.21
Ko‘mirchi mahallasida elektr ta’minotini yaxshilash masalasi o‘rganildi
янв.21
35-sonli davlat maktabgacha ta’lim tashkilotidagi mukammal ta’mirlash ishlari holati o‘rganildi
янв.21
Yangiqo‘rg‘on MFYda 450 metr ichki yo‘l asfaltlanmoqda
янв.21
Deputatlar tashabbusi bilan elektr ta’minotini yaxshilashga 937 mln so‘m ajratildi
янв.21
“Bolalarni ijtimoiy himoyalash” sho‘basi faoliyati o‘rganildi
янв.21
Ichimlik suvi ta'minotini yaxshilash
Мүнәсибет

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 18-19-сентябрь күнлери Қарақалпақстан Республикасына сапары даўамында аймақтың социаллық-экономикалық раўажланыўы, халықтың абаданлығын арттырыў, жаңа жумыс орынларын жаратыў, исбилерменликти қоллап-қуўатлаў, жаслардың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм халықтың дәраматларын көбейтиўге қаратылған әҳмийетли ўазыйпалар белгилеп берилди.

Бәринен бурын, Қарақалпақстан Республикасына болған итибар ҳәм халқымыз ушын жаратылып атырған кең имканиятлар ушын ҳүрметли Президентимизге терең миннетдаршылығымды билдиремен. Бүгин Қарақалпақстанда исбилерменлик етиў, жаңа жумыс орынларын жаратыў, халықтың дәраматын арттырыў ушын кең көлемли имканиятлар жаратылмақта.
Атап айтқанда, пайда, жер ҳәм мүлк салықлары 2 есеге азайтылды. Санаат ушын электр энергиясы тарифиниң 15 процентке төменлетилиўи ҳәм де социаллық салықтың 1 процент етип белгилениўи исбилерменлер ушын сезилерли жеңиллик болды десем қәтелеспеймен. Бул жеңилликлер жаңа кәрханалар шөлкемлестириў, бар өндирис қуўатлықларын кеңейтиў ҳәм қосымша жумыс орынларын жаратыў ушын әҳмийетли тийкар жаратады.

Өткен жылы Қарақалпақстанға 1 миллиард 700 миллион доллар инвестиция киргизилгени ҳәм бул 2021-жылға салыстырғанда 22 есеге көп екени аймағымызға болған итибар ҳәм исенимниң әмелий нәтийжеси болып есапланады. Бирақ инвестицияның өзи емес, оның халқымыз турмысындағы нәтийжеси әҳмийетли. Жаңа инвестициялық жойбарлар - жаңа жумыс орынлары, жаңа кәсиплер, турақлы дәрамат ҳәм шаңарақлардың абаданлығы дегени. Усы көзқарастан, келеси жылы Қарақалпақстанға 5 миллиард доллар инвестиция тартыў ўазыйпасының белгиленгенди. Ҳәр бир районда "road show"лар өткерилип, 2-3 мың жоқары дәраматлы жумыс орнын жарататуғын жойбарларды әмелге асырыў ўазыйпасы қойылды.

"Беруний Агростар"дың Қоңырат, Беруний ҳәм Шымбайда 2 мың гектар жерди тиклеп, от-жем жетистириўге бейимлестирилмекте. Келеси жылы және 5 мың гектар өзлестирилип, 14 мың бас қарамал ушын от-жем базасы болыўы режелестирилген. Бул болса аўыл халқы ушын жаңа дәрамат дәреклерин жаратыў имканияты болып есапланады.
Сапар даўамында билимлендириў ҳәм медицина тараўларына да айрықша итибар қаратылды. Қарақалпақстанда мектепке шекемги билимлендириўге қамтып алыў 84 процентке жеткени атап өтилди. Жеке меншик бақша ашатуғын исбилерменлерге 15 жыл мүддетке, 5 жыллық жеңиллетилген дәўир менен 7 процентлик кредит берилиўи болса балалар ушын билимлендириў хызметлерин кеңейтиў менен бирге, жаңа исбилерменлик субъектлери ҳәм жумыс орынларын жаратыўға да хызмет етеди.
Медицина мәкемелерине 10 миллион долларлық заманагөй үскенелер алып берилгени, медициналық қамсызландырыў механизминиң енгизилгени де халыққа сапалы медициналық хызмет көрсетиў имканиятларын кеңейтпекте.

Бүгин Қарақалпақстанда әмелге асырылып атырған жумысларға нәзер таслар екенбиз, бәринен бурын, халқымыз ушын жаратылып атырған имканиятлар, исбилерменлер ҳәм жасларға берилип атырған итибар, социаллық тараўдағы реформалар ушын миннетдаршылық сезими пайда болады.

Соның менен бирге, бул имканиятлар бизден үлкен жуўапкершиликти де талап етеди. Мен, депутат сыпатында, белгиленген ўазыйпалардың ҳәр бир шаңараққа, ҳәр бир мәҳәллеге жетип барыўы, адамлар өз турмысында әмелий нәтийжени сезиўи ушын депутатлық қадағалаў ҳәм жәмийетшилик пенен пикирлесиўди және де күшейтиўди әҳмийетли ўазыйпам деп билемен.

Халыққа көрсетилип атырған жоқары итибар, жаратылып атырған кең имканиятлар ҳәм инсан қәдирин улығлаўға қаратылған ийгиликли жумыслар ушын шын кеўилден миннетдаршылық билдиремен. Енди бизиң ўазыйпамыз - бул имканиятларды ақлаў, олардан нәтийжели пайдаланыў ҳәм халқымыздың абаданлығы жолында әмелий нәтийжеге айландырыў болып табылады.

Абадан УТЕПБЕРГЕНОВА,
Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңеси депутаты,
ӨзХДП депутатлық топары ағзасы

Slide 1 of 1