35 yilYagona vatan, yagona xalq bo'lib, yangi hayot va kelajak yaratamiz!

Yangiliklar

So‘ngi yangiliklar

янв.21
Ochiq byudjet” loyihasida g‘olib bo‘lmagan tashabbuslar va ularning muammolari o‘rganildi
янв.21
Oltiariq tumanida yangi barpo etilgan ijtimoiy obyektlarda yaratilgan sharoitlar o‘rganildi
янв.21
Oltiariqda “Albion” xususiy maktabi ochildi
янв.21
"Algoritm school" maktabining "B" bloki faoliyat boshladi
янв.21
Ustozlar ko‘chasida elektr tarmoqlari yangilanmoqda
янв.21
Oq Oltin MFYda ichimlik suvi ta’minotini yaxshilash masalasi joyida o‘rganildi
янв.21
Oq Oltin MFYdagi ichimlik suvi muammosi deputatlik nazoratiga olindi
янв.21
Imtiyozli kredit asosida tashkil etilgan issiqxona faoliyati o‘rganildi
янв.21
Charxibuvo ko‘chasidagi elektr tarmoqlari yangilanadi
янв.21
DEPUTAT SO‘ROVI YUBORILDI
Депутат_мәҳәлледе

Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңесиндеги ӨзХДП депуталық топары ағзасы А.Утепбергенова өзи сайланған «Кеңес» АПЖ аймағында болып, исбилерменлик субъектлери жумыслары менен жақыннан танысты.

Үйрениў даўамында депутат аймақта киши бизнести раўажландырыў, халықты турақлы жумыс пенен тәмийинлеў ҳәм камбағаллықты қысқартыў бағдарында әмелге асырылып атырған жумысларға айрықша итибар қаратты.

✅ Атап айтқанда, «Кеңес» АПЖ аймағында жасайтуғын пуқара Расул Пазнатдинов мәмлекетимиз тәрепинен жаратылған имканиятлардан нәтийжели пайдаланып, 100 миллион сўм муғдарындағы жеңиллетилген кредит қаржысын алған. Ол усы қаржы есабынан заманагөй гилем жуўыў орнын шөлкемлестирип, өз бизнесин жолға қойды. Ең әҳмийетлиси, усы исбилерменлик субъекти арқалы аймақтағы камбағал ҳәм жумыссыз болған 8 пуқара турақлы жумыс орны менен тәмийинленди.

✍️ Депутат А.Утепбергенова исбилермендиң жумысы менен танысыў барысында мәмлекетимиз тәрепинен берилип атырған жеңилликлердиң өз ўақтында ҳәм нәтийжели өзлестирилип атырғанлығын жоқары баҳалады. Соны менен бирге, келешекте бизнести еле да кеңейтиў ҳәм қосымша жумыс орынларын жаратыў бойынша өз усынысларын билдирди.

Slide 1 of 4