Yangiliklar

So‘ngi yangiliklar

янв.21
Bugun 30-iyun — O‘zbekistonda «Yoshlar kuni»
янв.21
ENG MUHIM QONUNLAR MAHALLIY DEPUTATLAR O‘RTASIDA TAQSIMLANDI
янв.21
Xalq deputatlari Olmazor tuman Kengashining 28-Chimboy saylov okrugidan saylangan deputatlik o‘rni vakant bo‘lganligi munosabati bilan hududdagi mavjud muammolarni o‘rganish hamda fuqarolar murojaatlarini tinglash maqsadida navbatdagi uchrashuv tashkil etildi.
янв.21
Hudud muammolari joyida ko‘rib chiqilib, tizimli yechimlar belgilandi
янв.21
Xalq deputatlari Olmazor tumani Kengash raisi Sh.Umarxodjayeva "Shodiyona" MFY hududidagi 94-DMTT muassasida bo'ldi.
янв.21
Olmazor tumanidagi "G‘alaba" MFY hududidagi Deputat “DREAM IMPEX GROUP” MCHJ faoliyatini o‘rgandi
янв.21
Xalq deputatlari Toshkent shahar Kengashi delegatsiyasi Kogon shahar Kengashi faoliyati bilan tanishdi
янв.21
Xalq deputatlari Olmazor tuman Kengashi raisi Sh.Umarxodjayeva 242-sonli umumta’lim maktabiga tashrif buyurdi
янв.21
Xalq deputatlari Olmazor tuman Kengash raisi tomonidan mahallalardagi ijtimoiy infratuzilma obyektlari o‘rganildi
янв.21
Xalq deputatlari Olmazor tumani Kengash raisi “Tashabbusli budjet” loyihalari ijrosini o‘rganmoqda
МУНАСИБЕТ

Мен, 1-“Қараой” сайлаў округынан Халық депутатлары Тахтакөпир районлық Кеңеси депутаты Даўлетиярова
Венера Бағдияровна, усы жылдың 5 айы даўамында белгиленген график тийкарында өз сайлаўшыларым алдында әмелге асырған жумысларым бойынша сайлаўшылар менен ушырасыўлар өткерип есабат берип келмектемен.
 

Ушырасыўлар даўамында елимизде әмелге асырылып атырған кең көлемли демократиялық реформалар, әсиресе,
Мәмлекетимиз басшысы тәрепинен Қарақалпақстан Республикасын социаллық-экономикалық раўажландырыў, халықтың абаданлығын арттырыў, инженерлик-коммуникация инфраструктурасын жақсылаў, жаңа жумыс орынларын
жаратыў және социаллық қорғаў системасын беккемлеўге қаратылған Пәрман ҳәм қарарлардың мазмун-мәниси ҳаққында кеңнен мағлыўмат берилди.
 

Сондай-ақ, Халық депутатлары Тахтакөпир районлық Кеңесиниң сессияларында қабыл етилген қарарлар, олардың халықтың турмыс дәрежесин жақсылаў, аймақларды комплексли раўажландырыў ҳәм социаллық машқалаларды шешиўдеги әҳмийети бойынша түсиндириў жумыслары алып барылды. 

Ушырасыўда усы жыл ушын қабыл етилген "Мәҳәллелерди раўажландырыў ҳәм жәмиетти жоқарылатыў жылы" Мәмлекетлик бағдарламасы шеңберинде белгиленген тийкарғы ўазыйпалар, мәҳәллелер инфраструктурасын раўажландырыў, халықты социаллық қоллап-қуўатлаў, бәнтликти тәмийинлеў, исбилерменликти раўажландырыў,
билимлендириў, денсаўлықты сақлаў ҳәм екологиялық турақлылықты тәмийинлеўге қаратылған илажлар ҳаққында да толық мағлыўмат берилди.
 

Есабат дәўири даўамында сайлаўшылардан жәми 9 мүрәжат келип түсти. Олардың ҳәр бири үйренилип, тийисли мәмлекетлик ҳәм хожалық басқарыў уйымлары және жуўапкер шөлкемлер менен биргеликте көрип шығылды. Нәтийжеде мүрәжатлардың тийкарғы бөлеги унамлы шешилди, қалғанлары бойынша әмелий илажлар көрилмекте. 

Соның ишинде, район орайынан “Қараой” аўыл пуқаралар жыйыны орайында пуқаралардың “Ашық бюджет” жойбарында жеңимпаз болыўы нәтийжесинде ишки жолдың асфальтланыўы, көшелерге түнги жақтырқышлардың орнатылыўы, жап-салмаларды бетонлаў мәселелери унамлы шешилип, халық ушын әҳмийетли болған машқалаларға шешим табылды. Бул болса сайлаўшылардың турмыс сапасы ҳәм турмыс шараятын және де жақсылаўға хызмет етти. 

Ушырасыўлар даўамында сайлаўшылар мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған реформаларды кеңнен қоллап-қуўатлайтуғынын, мәмлекетимиз тәрепинен инсан қәдирин улығлаў, халықты социаллық қорғаў ҳәм аймақларды раўажландырыў бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслар өз турмысларында айқын сезилип атырғанын айрықша атап өтти. 

Қуўанышлы тәрепи, сайлаў округим аймағындағы жолды асфальтлаў, көшелерге түнги жақтырқышлардың орнатыў, жап-салмаларды бетонлаў сыяқлы әҳмийетли машқалалар басқышпа-басқыш шешилмекте. Бул бағдарда халық пенен турақлы пикирлесиў, олардың пикир-усынысларын есапқа алыў депутатлық жумысымның тийкарғы бағдарларынан бири
болып қалмақта.
 

Соның менен бирге, халық депутатлары Тахтакөпир районлық Кеңесиниң сессиялары, турақлы комиссиялар мәжилислери ҳәм депутатлық топарының жумысында турақлы қатнасып, партиямыз электоратының мәплерин қорғаў, халықты ойландырып атырған социаллық мәселелерди көтериў, қабыл етилип атырған қарарлардың халық мәплерине хызмет етиўи бойынша өз усыныс ҳәм басламаларымды алға қойып келмектемен. 

Келешекте де сайлаўшыларым менен турақлы сөйлесиў, олардың машқала ҳәм усынысларын терең үйрениў, ҳәр бир мүрәжатқа жуўапкершилик пенен қатнас жасаў және олардың нызамлы мәплерин қорғаў депутатлық жумысымның тийкарғы бағдары болып қалады. 

  

Даўлетиярова Венера
Бағдияровна.
 

 1-“Қараой” сайлаў округынан Халық депутатлары Тахтакөпир районлық
Кеңеси депутаты