Yangiliklar

So‘ngi yangiliklar

янв.21
“O‘zbekiston – 2030” strategiyasi
янв.21
Xalq deputatlari Nurota tuman Kengashining navbatdagi o‘n sakkizinchi sessiyasi
янв.21
XALQ DEPUTATLARI NUROTA TUMAN KENGASHINING NAVBATDAGI OʻN IKKINCHI SESSIYASI BOʻLIB O'TDI
янв.21
XALQ DEPUTATLARI NUROTA TUMAN KENGASHINING NAVBATDAGI OʻNINCHI SESSIYASI
янв.21
Kengash deputati mahalla yettiligi bilan hamkorligda
янв.21
Ta'lim hamda tibbiyot tizimidagi islohotlar samaradorligini yanada oshirish
янв.21
Matbuot anjumani
янв.21
Нурота туманининг ижтимоий иқтисодий ривожлантириш
янв.21
XALQ DEPUTATLARI NUROTA TUMANI KENGASHINING VII CHAQIRIQ YETTINCHISESSIYASI
янв.21
“YASHIL MAKON” UMUMMILLIY LOYIHASI
DEPUTAT ÓZ SAYLAWShÍLARÍ ALDÍNDA ESABAT BERDI.

Мен, 13-Порлытаў сайлаў округинен Халық депутатлары Бозатаў районлық Кеңеси депутаты Бисенов Кенжеғали Казбекович усы жылдың 7-апрель күни белгиленген график тийкарында өз сайлаўшыларым алдында усы жылдың I-шереги даўамында әмелге асырған жумысларым ҳаққында сайлаўшыларға есабат бердим.

Ҳүрметли Президентимиз тәрепинен Қарақалпақстанды социаллық-экономикалық раўажландырыў бойынша қабыл етилген Пәрман ҳәм Қарарлары, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси тәрепинен қабыл етилген қарарлардың мазмун-мәнисин түсиндирип бердим. 

Жылдың атына сай қабыл етилген мәмлекетлик бағдарламада нәзерде тутылған реже ҳәм ўазыйпалар ҳаққында мағлыўмат бердим.

Есабат дәўиринде сайлаўшылардан 3 мүрәжат келип түсти ҳәм олар бойынша тийисли жерлерге 3 депутат сораўлары шығарылды.

Депутат сораўындағы тийкары мәселе “Аткорма” аўылына электр сым ағашларының (столба) тозыўы жетип турғанлығы себепли келип түскен мүрәжәәтлер бойынша районлық электр тармақлары кәрханасына депутатлық сораў жиберилип, нәтийжесинде жаңадан электр сым ағашлари қойылып берилди, жәнеде “Қарлыбай” аўылынада электр сым ағашларын жаңадан қойып бериў бойынша депутат сораўы жиберилип, ол жумысларда ҳәзирги күнде басланып кетти. Нәтийжеде халықты қыйнап киятырған машқалалар өз шешимин таппақта.

Соны да атап өтиўди қәлер едим, сайлаўшылар мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған реформалардан разы, оны ҳәр күни өз турмысында сезип атырғанын билдирди.

Сессия ҳәм кеңес мәжилислеринде турақлы қатнасып, оларда партиямыз электораты мәплеринен келип шығып өз пикир ҳәм усынысларымды билдирип келмектемен.  

 

Кенжеғали Бисенов,

13-"Порлытаў" сайлаў округинен депутат.