Yangiliklar

So‘ngi yangiliklar

янв.21
XALQ DEPUTATLARI NUROBOD TUMANI KENGASHI DOIMIY KOMISSIYASI TOMONIDAN O‘RGANISH ISHLARI OLIB BORILDI
янв.21
XALQ DEPUTATLARI NUROBOD TUMANI KENGASHI DEPUTATI FUQARONING MUROJAATINI O‘RGANDI
янв.21
XALQ DEPUTATLARI NUROBOD TUMANI KENGASHI DOIMIY KOMISSIYASI TOMONIDAN O‘RGANISH ISHLARI OLIB BORILDI
янв.21
XALQ DEPUTATLARI NUROBOD TUMANI KENGASHI DEPUTATI FUQAROLAR MUROJAATLARINI O‘RGANDI
янв.21
XALQ DEPUTATLARI NUROBOD TUMANI KENGASHI DOIMIY KOMISSIYASI TOMONIDAN O‘RGANISH ISHLARI OLIB BORILDI
янв.21
Do‘stlik mahallasida mahalla yettiligi bilan uchrashuv o‘tkazildi
янв.21
23-sonli Davlat maktabgacha ta’lim tashkilotida yaratilgan shart-sharoitlar o‘rganildi
янв.21
Chorvador mahallasida aholi murojaatlari o‘rganildi
янв.21
Sazag‘on mahallasida huquqbuzarliklar profilaktikasi bo‘yicha o‘rganish ishlari olib borildi
янв.21
Aholi murojaatlari o‘rganilib, mavjud muammolar yuzasidan tegishli takliflar ishlab chiqildi
Мүнәсибет

Жаслардың турмыста мүнәсип орын табыўында билим, кәсип ҳәм технология - ең әҳмийетли таяныш

30-июнь - Жаслар күни мүнәсибети менен пайтахтымыздағы Олимпиада қалашасында болып өткен салтанатлы мәресимде Шавкат Мирзиёев жасларға қаратылған әҳмийетли идея ҳәм басламаларды алға қойды. Мәмлекетимиз басшысының атап өткениндей, бүгинги күнде жаслардың турмыста мүнәсип орын табыўы, бәринен бурын, олардың билимли болыўы, заманагөй кәсип-өнерди иелеўи ҳәм алдынғы технологиялардан нәтийжели пайдалана алыўына байланыслы.

Ҳақыйқатында да, тез пәтлер менен өзгерип атырған заманда бәсекиге шыдамлы кадр болыў ушын тек ғана дипломның өзи жетерли емес. Заманагөй билим, әмелий көнликпе ҳәм санлы технологияларды пуқта өзлестириў ҳәр бир жастың келешектеги табысын белгилейди. Сол себепли мәмлекетимизде билимлендириўдиң сапасын арттырыў, жасларды кәсипке оқытыў, стартаплар ҳәм инновациялық идеяларды қоллап-қуўатлаўға айрықша итибар қаратылмақта.

Президент тәрепинен алға қойылған басламалар жаслардың өз қәбилетин толық көрсетиўи, мүнәсип жумыс орнына ийе болыўы ҳәм жәмийетте белсенди орын ийелеўи ушын кең имканиятлар жаратады. Әсиресе, халықаралық стандартлар тийкарында кәсип үйрениў, шет тиллер ҳәм мәлимлеме технологияларын өзлестириўге қаратылған бағдарламалар жаслардың келешектеги табысы ушын беккем тийкар болып хызмет етеди.

Бүгинги жаслар - мәмлекетимиз раўажланыўының шешиўши күши. Олар қаншелли билимли, қәнигели ҳәм технологияларды терең өзлестирген болса, елимиздиң экономикалық қүдирети ҳәм бәсекиге шыдамлылығы да соншелли жоқары болады.

Соның ушын ҳәр бир жас өз үстинде тынымсыз ислеўи, билим алыўда жалықпаўы, заманагөй кәсиплерди иелеўи ҳәм инновациялық технологияларды пуқта өзлестириўи зәрүр. Сонда олар тек ғана өз турмысында мүнәсип орын таўып қоймастан, ал Жаңа Өзбекстанның раўажланыўына да мүнәсип үлес қосады.

Бибихан УТАМБЕТОВА,
Каракалпакстан Республикаси Жокаргы Кенеси депутаты, ОзХДП фракциясы агзасы