Yangiliklar

So‘ngi yangiliklar

янв.21
XALQ DEPUTATLARI NUROBOD TUMANI KENGASHI DEPUTATIGA AMALIY KO‘MAK KO‘RSATILDI
янв.21
XALQ DEPUTATLARI NUROBOD TUMANI KENGASHIDA FUQAROLAR QABULI O‘TKAZILDI
янв.21
XALQ DEPUTATLARI NUROBOD TUMANI KENGASHI DEPUTATI TOMONIDAN BOZORLARDA O‘RGANISH ISHLARI OLIB BORILDI
янв.21
XALQ DEPUTATLARI NUROBOD TUMANI KENGASHI DEPUTATI DAVLAT XIZMATLARI MARKAZI FAOLIYATI BILAN TANISHDI
янв.21
XALQ DEPUTATLARI NUROBOD TUMANI KENGASHI DEPUTATI TOMONIDAN FUQARONING MUROJAATI JOYIGA CHIQQAN HOLDA O‘RGANILDI
янв.21
XALQ DEPUTATLARI NUROBOD TUMANI KENGASHI DOIMIY KOMISSIYASI TOMONIDAN XOTIN-QIZLAR O‘RTASIDA O‘RGANISH ISHLARI OLIB BORILDI
янв.21
XALQ DEPUTATLARI NUROBOD TUMANI KENGASHI DOIMIY KOMISSIYASI TOMONIDAN QURILISH ISHLARI O‘RGANILDI
янв.21
XALQ DEPUTATLARI NUROBOD TUMANI KENGASHI DOIMIY KOMISSIYASI TOMONIDAN O‘RGANISH ISHLARI OLIB BORILDI
янв.21
XALQ DEPUTATLARI NUROBOD TUMANI KENGASHI DOIMIY KOMISSIYASI TOMONIDAN O‘RGANISH ISHLARI OLIB BORILDI
янв.21
XALQ DEPUTATLARI NUROBOD TUMANI KENGASHI DEPUTATI FUQARONING MUROJAATINI O‘RGANDI
Мүнәсибет

 Мен, 8-“Мәденият” сайлаў округынан Халық депутатлары Хожели районлық Кеңеси
депутаты Алишер Худайбергенов усы жылдың 6 айы даўамында белгиленген график
тийкарында өз сайлаўшыларым алдында әмелге асырған жумысларым бойынша сайлаўшылар
менен ушырасыўлар өткерип есабат берип келмектемен.
 

Ушырасыўлар даўамында елимизде әмелге асырылып атырған кең көлемли
демократиялық реформалар, әсиресе, Мәмлекетимиз басшысы тәрепинен
Қарақалпақстан Республикасын социаллық-экономикалық раўажландырыў, халықтың
абаданлығын арттырыў, инженерлик-коммуникация инфраструктурасын жақсылаў, жаңа
жумыс орынларын жаратыў және социаллық қорғаў системасын беккемлеўге қаратылған
Пәрман ҳәм қарарлардың мазмун-мәниси ҳаққында кеңнен мағлыўмат берилди.
 

Сондай-ақ, Халық депутатлары Хожели районлық Кеңесиниң сессияларында қабыл
етилген қарарлар, олардың халықтың турмыс дәрежесин жақсылаў, аймақларды
комплексли раўажландырыў ҳәм социаллық машқалаларды шешиўдеги әҳмийети бойынша
түсиндириў жумыслары алып барылды.
 

Ушырасыўда усы жыл ушын қабыл етилген "Мәҳәллелерди раўажландырыў ҳәм
жәмиетти жоқарылатыў жылы" Мәмлекетлик бағдарламасы шеңберинде белгиленген
тийкарғы ўазыйпалар, мәҳәллелер инфраструктурасын раўажландырыў, халықты
социаллық қоллап-қуўатлаў, бәнтликти тәмийинлеў, исбилерменликти раўажландырыў,
билимлендириў, денсаўлықты сақлаў ҳәм екологиялық турақлылықты тәмийинлеўге
қаратылған илажлар ҳаққында да толық мағлыўмат берилди.
 

Есабат дәўири даўамында сайлаўшылардан жәми 5 мүрәжат келип түсти. Олардың
ҳәр бири үйренилип, тийисли мәмлекетлик ҳәм хожалық басқарыў уйымлары және
жуўапкер шөлкемлер менен биргеликте көрип шығылды. Нәтийжеде мүрәжатлардың
тийкарғы бөлеги унамлы шешилди, қалғанлары бойынша әмелий илажлар көрилмекте.
 

Соның ишинде, аймақта электр энергиясы күшлениўиниң төменлиги себепли,
тийисли шөлкемлерге депутат сораўы жиберилиўи арқалы мәселе унамлы шешим
табылды. Сонын менен бирге, социаллық қоллап-қуўатлаўға мүтәж 11 шаңараққа
азық-аўқатлық өнимлери берилди. Бул болса сайлаўшылардың турмыс сапасы ҳәм
турмыс шараятын және де жақсылаўға хызмет етти.
 

Ушырасыўлар даўамында сайлаўшылар мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған
реформаларды кеңнен қоллап-қуўатлайтуғынын, мәмлекетимиз тәрепинен инсан
қәдирин улығлаў, халықты социаллық қорғаў ҳәм аймақларды раўажландырыў
бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслар өз турмысларында айқын сезилип
атырғанын айрықша атап өтти.
 

Соның менен бирге, халық депутатлары Хожели районлық Кеңесиниң сессиялары,
турақлы комиссиялар мәжилислери ҳәм депутатлық топарының жумысында турақлы
қатнасып, партиямыз электоратының мәплерин қорғаў, халықты ойландырып атырған
социаллық мәселелерди көтериў, қабыл етилип атырған қарарлардың халық мәплерине
хызмет етиўи бойынша өз усыныс ҳәм басламаларымды алға қойып келмектемен.
 

Келешекте де сайлаўшыларым менен турақлы сөйлесиў, олардың машқала ҳәм
усынысларын терең үйрениў, ҳәр бир мүрәжатқа жуўапкершилик пенен қатнас жасаў
және олардың нызамлы мәплерин қорғаў депутатлық жумысымның тийкарғы бағдары
болып қалады.
     

Алишер ХУДАЙБЕРГЕНОВ, 

8-“Мәденият” сайлаў округынан
Халық депутатлары Хожели районлық
Кеңеси депутаты