Yangiliklar

So‘ngi yangiliklar

янв.21
Oziq-ovqat xavfsizligi masalalari yuzasidan tushuntirish ishlari olib borildi
янв.21
Nurobod tumani Sarikul mahallasi hududida tog‘ va tog‘ oldi yaylovlarida zararli chigirtkalarning ko‘payib ketishining oldini olish maqsadida amaliy ishlar olib borilmoqda
янв.21
Maktabgacha ta’lim muassasasida yaratilgan shart-sharoitlar o‘rganildi
янв.21
Fuqarolar murojaatlari doimiy e’tiborda
янв.21
Yoshlar bilan huquqiy savodxonlikka oid uchrashuv o‘tkazildi
янв.21
QURILISH ISHLARI JOYIGA CHIQQAN HOLDA O‘RGANILDI
янв.21
MUROJAATLAR JOYIDA O‘RGANILMOQDA
янв.21
OLTINSOY MAHALLASIDA “TOMORQA XO‘JALIGI TO‘GʻRISIDA”GI QONUN YUZASIDAN TUSHUNTIRISH ISHLARI OLIB BORILDI
янв.21
BIR PIYOLA CHOY USTIDA SAMIMIY MULOQOT
янв.21
MUROJAAT AMALDA YeCHIM TOPMOQDA
Халық саламатлығын қорғаў жолындағы әҳмийетли қәдем

Елимизде халықтың саламатлығын қорғаў системасын қәлиплестириў ҳәм пуқаралардың мүнәсип турмыс кешириўи ушын шараят жаратыў ушын басқышпа-басқыш әмелге асырылмақта.

Мине, усындай халықшыл сиясаттың айқын көриниси сыпатында, 2027-жыл 1-январьдан баслап Өзбекстанда онкология, жүрек-қан тамыр, руўхый ҳәм эндокринологиялық кеселликлери менен аўырған наўқаслар ушын 69 түрдеги дәри-дәрмақлар мәмлекет есабынан бийпул берилетуғыны белгиленди.

Бул жаңалық, бәринен бурын, халықтың мәплерин қорғаўды өзиниң тийкарғы ўазыйпасы деп билген Өзбекстан Халық демократиялық партиясының тийкарғы мақсет ҳәм идеяларына үнлес болып есапланады. Себеби, партиямыз бәрқулла социаллық қорғаўға мүтәж қатламлар, кекселер, майыплығы болған шахслар, созылмалы кеселликлер менен жасап атырған пуқаралардың мәплерин қорғап келмекте.

Алдын халыққа бийпул берилетуғын дәри-дәрмақлардың саны 28 түр менен шекленген болса, енди бул көрсеткиш 69 түрге жеткерилмекте. Бул болса мыңлаған шаңарақлардың емлениў қәрежетлерин сезилерли дәрежеде азайтады, олардың материаллық жүгин жеңиллестиреди ҳәм сапалы медициналық хызметтен пайдаланыў имканиятын кеңейтеди.

Партиямыз депутатлары сыпатында бизлер бул реформаны халық мәплерине хызмет ететуғын, социаллық мәмлекет принциплерин беккемлейтуғын үлкен қәдем сыпатында баҳалаймыз.

Себеби, халықтың саламатлығы – бул тек ғана медицина мәселеси емес, ал мәмлекеттиң раўажланыўы, социаллық турақлылық ҳәм келешек әўладтың абаданлығының тийкары болып есапланады.

Өзбекстан Халық демократиялық партиясы буннан былай да халық пенен бирге болып, пуқаралардың социаллық мәплерин қорғаў, бийпул медициналық хызметлер көлемин кеңейтиў ҳәм әдалатлы жәмийет қурыў жолындағы барлық басламаларды қоллап-қуўатлаўда даўам етеди.