Yangiliklar

So‘ngi yangiliklar

янв.21
Tuman Kengashi deputati "Mahalla yettili" bilan hamkorlikda
янв.21
Murojaatlar o'rganilmoqda
янв.21
O‘zbekiston Respublikasi Oliy Majlisi Qonunchilik palatasi deputati va tuman Kengashi deputatlari hamkorligi
янв.21
Tuman Kengashi deputati aholi bilan uchrashuv o‘tkazdi
янв.21
“O‘zbekiston – 2030” strategiyasi loyihasi Nurobod tumanida muhokama qilindi
янв.21
Tuman Kengashi deputati Prezidentimiz murojaatnomasi bo‘yicha targ'ibot olib bordi.
янв.21
Tuman Kengashi deputati Prezidentimiz murojjatnomasi bo‘yicha targ'ibot olib bordi.
янв.21
Nurobod tumani Oqsoy mahallasida aholi bilan uchrashuv otkazildi
янв.21
O‘zbekiston Respublikasi Oliy Majlisi Qonunchilik palatasi deputati va tuman Kengashi deputatlari hamkorligi
янв.21
Deputat va “Mahalla yettiligi” hamkorligi
Депутатлар өз сайлаўшыларына есабатларын бермекте.

Халық депутатлары Тахтакөпир районлық Кеңеси депутаты Бегманов Ернияз Тахтакөпир районы "Қаратерең" МПЖда болып, өз сайлаўшылары менен ушырасты.   

Илажда тийисли мәкеме шөлкемлер, "мәҳәлле жетилиги" ўәкиллери ҳәм аймақ турғынлары қатнасты.

Ушырасыўда дәслеп депутат Е.Бегманов тәрепинен Президентимиздиң Өзбекстан Республикасы Олий Мәжилиси ҳәм де Өзбекстан халқына жоллаған Мүрәжатының мазмун-мәниси сайлаўшыларға кеңнен түсинтирилди. Соның менен бирге, мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалар, жаңадан қабыл етилип атырған нызамлар, пәрман ҳәм қарарлардың мазмун-мәниси ҳаққында атап өтип, депутат Е.Бегманов 2025-жыл даўамында өз депутатлық искерлиги бойынша сайлаўшыларға есабат берди.

Ушырасыўда даўамында аймақта ушырасып атырған машқалалар бойынша аймақ турғынлары тәрепинен бир қатар мүрәжатлары тыңланды ҳәм шешими депутатлық қадағалаўға алынып, тийисли ўазыйпалар белгилеп алынды.

Slide 1 of 3