Yangiliklar

So‘ngi yangiliklar

янв.21
Xalıq deputatları Nókis rayonlıq Keńesinde Agrar, suw xojalıǵı máseleleri hám ekologiya máseleleri boyınsha turaqlı komissiyasınıń gezektegi májlisi ótkerildi
янв.21
📌 DEPUTAT MÁHÁLLEDE
янв.21
DEPUTATLAR QADAǴALAWI: XALIQTIŃ ABADANLIǴI - EŃ TIYKARǴI WAZIYPA!
янв.21
📌 DEPUTAT AYMAQTAǴI KÓSHE BIYLERI MENEN USHIRASTI
янв.21
📌 XALÍQ PENEN AShÍQ SÓYLESIW - MAShQALALARDÍŃ ShEShIMINE QADEM
янв.21
➤ ÁMELIY JÁRDEM NÁTIYJESI: JÁNE 2 PUQARA JUMISQA ORNALASTÍ!
янв.21
📌 Deputat tárepinen “máhálle jetiligi” jumısları úyrenildi.
янв.21
💼 DEPUTATLÍQ QADAǴALAW
янв.21
📌 DEPUTATLAR “MÁHÁLLE JETILIGI” MENEN USHIRASTI.
янв.21
JOL QÁWIPSIZLIGI HÁM MÁHÁLLENIŃ IShKI KÓShELERI-ÁHMIETLI MÁSELELER DODALANDÍ
Әҳмийетли ушырасыў болып өтти…

Олий Мәжилис Сенатының “Халық депутатлары жергиликли Кеңеслер искерлигин үлгили шөлкемлестириў ҳаққында”ғы 2025-жыл 28-январь күнги KQ-51-V-санлы карарына муўапық Аймақлық ўәкиллик уйымлары искерлигин үйрениў орайынан Республикамызға бириктирилген ўәкил Абдусаттаров Якубжан Исакович районымызда мийманда болды.

   Дәслеп Я.Абдусаттаров Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңеси секретариаты киши мәжилислер залында Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңеси баслығы А.Тажетдинов қатнасында районлық Кеңес депутатлары турақлы комиссия баслықлары ҳәм олардың ағзалары менен ушырасыўы болып өтти.

Ушырасыўда Я.Абдусаттаров алдағы ўақытта Халық депутатлары жергиликли Кеңеслер искерлигин үлгили шөлкемлестириў ҳаққында айтып районлық Кеңес депутатлары өз ара пикир алысып усынысларын берди. Өз гезегинде Кеңес депутатларыда Республикамызға бириктирилген ўәкилге сораў ҳәм усыныслар берип жуўаплар алды. 

Буннан соң Я.Абдусаттаров Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңеси секретариаты искерлиги ҳәм ол жерде алып барылып атырған жумыслар барысы менен танысып, алдағы ўақытларда Кеңес жумысларын еледе раўажландырыў бойынша өз усынысларын билдирди.

Сондай-ақ, усы күнниң өзинде мийманымыз Я.Абдусаттаров районымыздағы “Бердақ” МПЖ аймағындағы үйши өнерментлер тәрепинен әмелге асырылып атырған жумыслар барысы менен де танысты.

Slide 1 of 6