Халық депутатлары Қараөзек районлық Кеӊеси 13-"Қара ағаш" сайлаў окурги депутаты М.Гулимбетов округи аймағында "Кәмбағаллықтан пәраўанлыққа қарай" мәмлекетлик бағдарламасын үгит-нәсиятлаў бойынша белсенди нураныйлар менен ушырасты. Ушырасыўда депутат тәрепинен бағдарлама шеӊберинде әмелге асырылыў тийис ўазыйпалар, сондай-ақ, жаӊадан қабыл етилген қарар ҳәм пәрманлар ҳаққында мағлыўмат берилди.