Yangiliklar

So‘ngi yangiliklar

янв.21
Xalıq deputatları Nókis rayonlıq Keńesinde Agrar, suw xojalıǵı máseleleri hám ekologiya máseleleri boyınsha turaqlı komissiyasınıń gezektegi májlisi ótkerildi
янв.21
📌 DEPUTAT MÁHÁLLEDE
янв.21
DEPUTATLAR QADAǴALAWI: XALIQTIŃ ABADANLIǴI - EŃ TIYKARǴI WAZIYPA!
янв.21
📌 DEPUTAT AYMAQTAǴI KÓSHE BIYLERI MENEN USHIRASTI
янв.21
📌 XALÍQ PENEN AShÍQ SÓYLESIW - MAShQALALARDÍŃ ShEShIMINE QADEM
янв.21
➤ ÁMELIY JÁRDEM NÁTIYJESI: JÁNE 2 PUQARA JUMISQA ORNALASTÍ!
янв.21
📌 Deputat tárepinen “máhálle jetiligi” jumısları úyrenildi.
янв.21
💼 DEPUTATLÍQ QADAǴALAW
янв.21
📌 DEPUTATLAR “MÁHÁLLE JETILIGI” MENEN USHIRASTI.
янв.21
JOL QÁWIPSIZLIGI HÁM MÁHÁLLENIŃ IShKI KÓShELERI-ÁHMIETLI MÁSELELER DODALANDÍ
САЙЛАЎШЫЛАРДЫҢ ТАМАРҚА СУЎЛАРЫНА БОЛҒАН МҮТӘЖЛИКЛЕРИ ҚАНААТЛАНБАҚТА

️ Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңесиндеги ӨзЛиДеП депутатлық топары ағзасы Қ.Турымбетов «Бердах» МПЖ аймағынан ағып өтиўши «Тағжап» каналында алып барылып атырған қурылыс жумысларын үйренди.

 Бул канал көплеген шаңарақлардың дийқаншылық ҳәм қыйтақ жер хожалығы ушын турмыслық әҳмиетке ийе болып, ўақыттың өтиўи менен каналдың ылайланыўы ҳәм жағаларының жемирилиўи нәтийжесинде суў өткериў қәбилети төменлеп, халық арасында суў бөлистириўде қыйыншылықлар жүзеге келип атырған еди. Усы мүнасибет пенен Өзбекстан Республикасы Прзедентиниң 2025-жыл 27-декабрь күнги «2026 - 2028-жылларда Өзбекстан Республикасының социаллық ҳәм өндирислик инфраструктурасын раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы ПҚ-393-санлы қарары тийкар, «Тағжап» каналының жәми 13,3 км аралығына бетонлаў жумысларын алып барыў белгиленген болып, бүгинги күнде 6 км аралыққа бетонлаў жумыслары алып барылды.

 Илаж жуўмағында анықланған айырым кемшиликлерди сапластырыў бойынша жуўапкерлерге тийисли усыныслар берилип, депутат тәрепинен қадағалаўға алынды.

Slide 1 of 3