Yangiliklar

So‘ngi yangiliklar

янв.21
Депутатлық қадағалаў
янв.21
#Мәҳәлле_жетилиги
янв.21
«Машқала менен жүзбе-жүз»
янв.21
#"Юксалиш"_ҳәрекети
янв.21
“Микро бизнес” интерактив тренинги өткерилди
янв.21
"Халықаралық илим тараўындағы ҳаял-қызлар күни" байрамы мүнәсибети менен ушырасыў болып өтти.
янв.21
#Депутат_қабыллаўы
янв.21
Депутат мәҳәлледе
янв.21
Депутатлардың белсендилигин арттырыў мәселелери талқыланды
янв.21
Нәшебентлик ҳәм психотроп затлардың тарқалыўының алдын алыў илажы
Депутат қабыллаўы

 Ҳалық
депутатлары Нөкис қалалық Кеңеси «Боз аўыл» сайлаў округи депутат
А.Пахратдинов, өзи сайланған округ аймағындағы «Телеорай» МПЖда пуқаралар
қабыллаўын шөлкемлестирди. 

Қабыллаў даўамында пуқаралар
тәрепинен бәнтлик, турақ жай менен тәмийинлеў ҳәм ремонтлаў, материаллық жәрдем
алыў, комунналлық тараўындағы кемшиликлер бойынша мүрәжатлар билдирилди.
Көпшилик мүрәжатлерге «мәҳәлле жетилиги» ағзалары жәрдеминде ҳуқықый мәсләҳетлер
берилген болса, қалғанлары сол жердиң өзинде жуўапкер шөлкем басшыларына
мүрәжат етиў арқалы өз шешим табыўға
ҳәрекет етилди. Ушырасыў даўамында депутат усы мәҳәллениң «мәҳәлле жетилиги» ағзалары
ҳәким жәрдемшиси М.Салиев ҳәм ҳаял-қызлар белсендиси К.Коптилеўева менен сәўбетлесип
олар тәрепинен әмелге асырылып атырған жумыслардың жағдайы менен жақыннан
танысты ҳәм алдағы ўақытлары бирге ислесиўге келисип алынды.


Каналға ағза болыў: https://t.me/nokisdeputat  

Slide 1 of 7