Yangiliklar

So‘ngi yangiliklar

янв.21
Депутатлар өз сайлаў округлеринде есабат ушырасыўларын өткерди
янв.21
Есабат тыңланды
янв.21
📌 ДЕПУТАТ СОРАЎЫ ЖИБЕРИЛДИ
янв.21
📌 Deputat sorawı jiberildi
янв.21
Пуқаралардың мүрәжатлары унамлы шешилмекте
янв.21
⏰ «Мадат» мәмлекетлик емес комерциялық емес шөлкеми ҳәм Халық депутатлары қалалық Кеңеси арасында өз-ара бирге ислесиўди буннан былай да беккемлеў мақсетинде бирге ислесиў меморандумына қол қойылды.
янв.21
Қоллап-қуўатлаўдан турақлы абаданлыққа қарай: кәмбағаллықтан шығыў формуласы
янв.21
⏰ Депутатлар қатнасыўында пуқаралар ушырасыў болып өтти
янв.21
⏰ Ушырасыў даўам етпекте
янв.21
Депутатлар сайлаўшылары менен ушырасыў өткерди
ушырасыў

 "МӘҲӘЛЛЕ ЖЕТИЛИГИ"
МЕНЕН УШЫРАСЫЎ.
 

Бүгин Мойнақ районы халық
депутатлары Кеңеси ӨзЛиДеп партиясы депутаты Наменов Саламат Қуўанышбаевич “Жайхун”
мәкан
пуқаралар жыйынында болып "Мәҳәлле жетилиги" ағзалары менен ушырасты.
 

Ушырасыўда аймақтағы "Мәҳәлле жетилиги"
ағзалары тәрепинен Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2024-жыл
6-августьдағы “Мәҳәллелерде халық машқалаларын
анықлаў системасын жетилистириў ҳаққында”ғы қарарының орынланыўы, халықты кәмбағаллықтан шығарыў, жаслардың
бәнтлиги бойынша, халықтың социаллық жәрдемге мүтәж категорияларына
көрсетилетуғын хызметтиң сапалы шөлкемлестирилиўи, кем тәмийинленген
шаңарақларға социаллық напақалар ҳәм материаллық жәрдем тайынлаў бойынша
ислеген жумыслары менен танысты.
 

Ушырасыў
даўамында аймақтағы ишки жоллардын аўҳалы, ишимлик суў тәмийнаты, электр
энергия менен үзликсиз тәмийинлениў ҳәм халықтыӊ бүгинги күндеги социаллық
жақтан қоллап- қуўатланыўы туўралы
пикирлери менен танысып, 2026-жылда әмелге асырылыўы тийис жумыслар белгилеп алынды.  

Slide 1 of 4