Yangiliklar

So‘ngi yangiliklar

янв.21
Депутатлар өз сайлаў округлеринде есабат ушырасыўларын өткерди
янв.21
Есабат тыңланды
янв.21
📌 ДЕПУТАТ СОРАЎЫ ЖИБЕРИЛДИ
янв.21
📌 Deputat sorawı jiberildi
янв.21
Пуқаралардың мүрәжатлары унамлы шешилмекте
янв.21
⏰ «Мадат» мәмлекетлик емес комерциялық емес шөлкеми ҳәм Халық депутатлары қалалық Кеңеси арасында өз-ара бирге ислесиўди буннан былай да беккемлеў мақсетинде бирге ислесиў меморандумына қол қойылды.
янв.21
Қоллап-қуўатлаўдан турақлы абаданлыққа қарай: кәмбағаллықтан шығыў формуласы
янв.21
⏰ Депутатлар қатнасыўында пуқаралар ушырасыў болып өтти
янв.21
⏰ Ушырасыў даўам етпекте
янв.21
Депутатлар сайлаўшылары менен ушырасыў өткерди
Бир депутат – жүз ҳаялға көмекши

Бир депутат – жүз ҳаялға көмекши» жойбары шеңберинде Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиндеги O’zLiDeP депутатлық топары баслығы Б.Искендеров өзи сайланған аймақ “Мәденият” МПЖ аймағында жасаўшы “Ҳаяллар дәптери” дизиминде турған 2009-жылдан берли наўқаслықтан төсек режиминдеги пуқара Л.Абдижаппарованың ҳал-жағдайларынан хабар алды. Депутат Б.Искендеров аймақ потранажлары тәрепинен пуқараны медициналық көриктен өткериўди шөлкемлестирип, бийпул дәри-дармақлар ҳәм азық-аўқат өнимлерин жеткерип берди. Ушырасыў барысында депутат Б.Искендеров мәҳәлле ҳаял-қызлар белсендиси Л.Уразбаева менен биргеликте пуқара Л.Абдижаппарова менен сәўбетлесиў өткерип, пуқараның машқаласын тыңлады. Машқаланың унамлы шешими бойынша тийисли тараўларға депутатлық сораўын жибериўип қадағалаўға алыў режелестирилди. Жойбар шеңберинде халық ўәкилиниң үйрениў жумыслары орынларда даўам етпекте.

Slide 1 of 2