Yangiliklar

So‘ngi yangiliklar

янв.21
📌 Deputat sorawı jiberildi
янв.21
Пуқаралардың мүрәжатлары унамлы шешилмекте
янв.21
⏰ «Мадат» мәмлекетлик емес комерциялық емес шөлкеми ҳәм Халық депутатлары қалалық Кеңеси арасында өз-ара бирге ислесиўди буннан былай да беккемлеў мақсетинде бирге ислесиў меморандумына қол қойылды.
янв.21
Қоллап-қуўатлаўдан турақлы абаданлыққа қарай: кәмбағаллықтан шығыў формуласы
янв.21
⏰ Депутатлар қатнасыўында пуқаралар ушырасыў болып өтти
янв.21
⏰ Ушырасыў даўам етпекте
янв.21
Депутатлар сайлаўшылары менен ушырасыў өткерди
янв.21
🎙 Депутатлық ушырасыў ҳәм пуқаралар қабыллаўы болып өтти
янв.21
⏰ Коррупцияға қарсы гүресиў - жәмийет раўажланыўының гиреўи
янв.21
⚡️Депутатлар сайлаўшылар менен ушырасыў өткерди
ПАРЛАМЕНТИМИЗ КОРЕЯ РЕСПУБЛИКСЫ ҲӘМДЕ ХОРВАТИЯ МӘМЛЕКЕТЛЕРИ МЕНЕН ДЕ БИРГЕ ИСЛЕСЕДИ

 Өзбекстандағы Республикасы Олий мәжлиси Сенатында Халық аралық қатнасықлар, сыртқы
экономикалық байланыслар, шет ел инвестициялар ҳәм Туризм мәселелери комитети
баслығы Алишер Агзамходжаев ҳәм де Корея Республикасының Өзбекстан
Республикасындағы
Айрықша жағдайлар мәселеси
бойынша елшиси Вон До Жон арасында әҳмиетли ушырасыў болып өтти.
 

  Сәўбетлесиў даўамында Өзбекстан Республикасының Корея Мәмлекети менен парламентлер аралық
бирге ислесиўин раўажландырыў мәселелери бойынша талықланып келисип алынды.
 

  Соның менен бирге, тәреплер 2025-жыл декабрь айында Корея Республикасы Миллий Ассамбльеясы
Спикери U Von Shik басшылығындағы парламент делегациясының мәмлекетимизге сапары
шеңберинде ерисилген келисимлерди әмелге асырыў туралы пикир алысты.
 

Сондай-ақ, усы жылдың 17-февраль күни Өзбекстан Республикасы Олий мәжлиси Сенаты баслығының
биринши орынбасары Садық Сафоев Хорватия парламент Конституция, регламент ҳәм
сиясий системасы комитети
баслығы Иван
Маленитса менен ушырасыў өткерди.
 

Бунда тийкарынан Өзбекстан ҳәм Хорватия арасындағы парламентлер
аралық бирге ислесиўдиң бүгинги жағдайы сондай-ақ
алдымыздағы ўазийпалар бойынша талықланып келисип алынды. 

Бул еки тәреплер нызамшылық искерлиги, парламентлер аралық сөйлесиўди, қомиталар ортасындағы
бирге ислесиўди кеңейтиў ҳәмде делегациялар арқалы тәжирийбелер алмасыўын
жеделлестириў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.
 

Келисимлер тийкарында мәмлекетлер арасында саўда-экономикалық
бирге ислесиўди кеңейтиў, атап айтқанда фармацевтика, медициналық
технологиялар, санаат үскенелери, көбирек тоқымашылык, агроөнимлерди қайта
ислеў технологиялар ҳәм де транспорт тараўларында қосымша жойбарларды
раўажландырыў мәселелери бойынша
да пикир
алмасыўлар болып өтти.
 

  А.КАМАЛОВ 

Кегейли
районы ҳәкими, Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңеси депутаты
  

Slide 1 of 1